2020-жылғы «Ҳәр қыйлы миллетке тийисли иммигрантлар визасы – Грин Кард лотореясы» бағдарламасына (DV-2020) 2018-жылдың 3-октябрь күнинен 6-ноябрьге шекем арза бериў мүмкин. Бул ҳаққында АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы хабарына тийкарланып Kun.uz хабар бермекте.
2020-жыл бағдарламасында мәмлекетлердиң дизиминде өзгерислер жоқ, яғный Өзбекстанда туўылған барлық шахслар бир мәрте, фамилиясы, аты, әкесиниң аты паспорттағыдай көрсетилген ҳалда, түсирилгенине 6 айдан көп болмаған фотосүўрет пенен, барлық шаңарақ ағзаларын қосып арза тапсырыў ҳуқықына ийе.
«Ҳәр қыйлы миллетке тийисли иммигрантлар визасы – Грин Кард лотореясы» бағдарламасына (DV-2020) арза тапсырыў бийаул. Арзаларды тек ғана Интернет арқалы dvlottery.state.gov мәнзилинде 3-октябрьден баслап тапсырыў мүмкин.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz