Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.10.2018 10:40
  • 1520

Сенаторлар мақуллады: Енди ишимлик суўы ушын 100% алдыннан ҳақы төленеди

Сенаторлар мақуллады: Енди ишимлик суўы ушын 100% алдыннан ҳақы төленеди
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты 16-улыўма мәжилис даўамында ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери ушын 100% алдыннан ҳақы төлениўин мақуллады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-ноябрьдеги «Суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызметин көрсетиў тараўында төлеў тәртибин түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық мәмлекетлик ҳәм жеке турақ жай фондларына ишимлик суў тәмийнаты және канализация хызметлери 100 процентлик ҳақы төлеў тийкарында көрсетиледи. Мәмлекетлик ҳәм жеке турақ жай фондларындағы орынлардың мүлк ийелерине, усы орынларды ижараға алыўшыларға суў тәмийнаты және канализация хызметлери ушын алдыннан 100 процентлик ҳақы төлеў әмелге асырылмаған жағдайда, суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларынан толық үзип қойыўға шекемги болған шаралар көриледи.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланған.
Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлеринен дебиторлық қарыздарлық 278 миллиард сумнан асламды қурайды. Соның 227 миллиард сумы халық ҳәм 50,6 миллиард сумы юридикалық шахслардың үлесине туўра келеди.
Ең жоқары қарыздарлық Ташкент қаласы (55 миллиард сум), Ташкент (46 миллиард сум) ҳәм Наманган ўәлаятларына (30 миллиард сум) туўра келмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған