Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.10.2018 11:14
  • 1831

Қарақалпақстанда биринши мәрте Интернет арқалы китап сатып алыў имканияты жаратылды

Қарақалпақстанда биринши мәрте Интернет арқалы китап сатып алыў имканияты жаратылды
Қарақалпақ мәмлекетлик университети химиялық технология факультетиниң 4-курс студенти Саламатдин Пирниязов ҳәм программист Наўрыз Нөкисбаевлардың басламасы менен Қарақалпақстанда биринши мәрте Интернет тармағы арқалы китап ҳәм кеңсе буйымларын сатып алатуғын тармақ жаратылды. Бул ҳаққында Саламатдин Пирниязов бизге хабар берди.
Бул тармақ aladinmarket.uz мәнзилинде жумыс баслады. Тармақта абитуриент ҳәм мектеп оқыўшыларына арналған ҳәм қарақалпақ, өзбек және рус тиллериндеги 400 ге шамалас китаплар, сондай-ақ, 300 ге шамалас түрдеги кеңсе буйымлары жайластырылған.
- Биз пайдаланыўшылардың пикир ҳәм усынысларын есапқа алып усы тармақты жараттық. Пайдаланыўшылар тармаққа кирип, өзине унаған китап ямаса кеңсе буйымларына буйыртпа бериўи мүмкин. Олардың баҳалары да көрсетилген. Және бир қолайлық сыпатында, биз буйыртпа берилген китап ямаса кеңсе буйымларын 5000 сум есесине пайдаланыўшылардың үйине алып барып беремиз, - дейди Саламатдин Пирниязов.
Сәўбетлесимиздиң айтыўына қарағанда, тармақ фонды еле де толықтырылып барылады.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, бул тармақ Қарақалпақстандағы китап ҳәм кеңсе буйымларын Интернет тармағы арқалы сатып алыў мүмкин болған дәслепки тармақ болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған