Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2018 11:09
  • 1305

Пуқараларға бийпул мәсләҳәт беретуғын веб-портал жаратылады. Онда қандай мәселелер бойынша мәсләҳәт алыў мүмкин?

Пуқараларға бийпул мәсләҳәт беретуғын веб-портал жаратылады. Онда қандай мәселелер бойынша мәсләҳәт алыў мүмкин?
Әдиллик министрлиги тәрепинен Уллы Британияның Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликте түрли тараўлар (исбилерменлик, социаллық қорғаў, ҳуқықый қорғаў ҳәм т.б.) бойынша мәсләҳәт беретуғын «Advice.uz» бирден-бир мағлыўматлар порталын жаратыў жумыслары басланды. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабарына тийкарланып Газета.uz хабар бермекте.
Усы порталды нәтийжели иске түсириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы ҳәм Әдиллик министрлиги ўәкиллеринен ибарат делегацияның Уллы Британия пайтахты Лондонға сапары шөлкемлестирилди.
Сапар даўамында Британияның пуқараларға мәсләҳәт бериў бойынша ең жақсы әмелиятлары, атап айтқанда 1939-жылы өз хызметин баслаған «Citizens Advice» тармағы хызмети менен жақыннан танысты.
Британияның «Citizens Advice» тармағы 1939-жылдан берли хызмет көрсетип, мәмлекет бойынша 316 ғәрезсиз қайырқомлық шөлкемлер тармағынан ибарат.
Система арқалы социаллық жәрдем, мийнет қатнасықлары, қарыздарлық, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў, шаңарақ, турақ жай, суд-ҳуқық, миграция, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларда электрон портал, телефон, электрон ҳәм Webchat сыяқлы хызметлер арқалы ҳәм телефон, электрон ҳәм Webchat хызмети жәрдеминде бийпул түрде мағлыўмат ҳәм мәсләҳәтлер береди.
Сондай-ақ, «Citizens Advice»тың Уллы Британия аймағында 600 ден аслам бюросы болып, оларға халық өзиниң машқаласы бойынша бийпул мәсләҳәт алыў ушын тиккелей мүрәжат етиўи мүмкин.
2017-2018-жыллар даўамында «Citizens Advice» жәмәәти тәрепинен 2 млн 700 мыңнан аслам шахсларға тиккелей ҳуқықый жәрдем берилген. Онлайн мәсләҳәт сайтындағы мағлыўматлардан 43 миллион пайдаланыўшы пайдаланған.
Сапар даўамында Өзбекстан делегациясының Пуқаралар мәсләҳәтлери бюросы миллий ассоциациясы (National Association of Citizens Advice Bureaux — NACAB), усы ассоциация менен бирге ислесетуғын Уллы Британия ҳүкиметиниң электрон ҳүкимет системасын раўажландырыў бойынша хызмети (Government Digital Services-GDS), Бизнес, энергетика ҳәм санаат стратегиясы департаменти (Department for Business, Energy and Industrial Strategy) және Уллы Британияда ғәрезсиз мәсләҳәт хызметлери тармағын қоллап-қуўатлайтуғын AdviceUK қайырқомлық шөлкеми ўәкиллери менен ушырасыўлары болып өтти.
Ушырасыўлар шеңберинде делегация ағзалары ҳәм сырт елли шөлкем ўәкиллери арасында «Advice.uz» Бирден-бир мәлимлеме порталы жойбарын Өзбекстанда иске түсириў перспективалары бойынша пикир алмасылды.
«Citizens Advice» ўәкиллери Өзбекстан делегациясына ассоциация хызметине берилген жоқары баҳа ушын өз миннетдаршылығын билдирди және усы жойбарды әмелге асырыўға зәрүрли болған барлық мәлимлеме ресурсларын усыныў, экспертлик жәрдем бериў арқалы Әдиллик министрлиги менен бирге ислесиўге тайын екенлигин билдирди.
Government Digital Services ўәкиллери менен болған ушырасыўда мәлимлеме технологиялары, соның ишинде, усы порталдың веб платформасын ислеп шығыўда экспертлик жәрдем бериў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды. Тәреплер Өзбекстан делегациясының келеси сапарында Бирге ислесиў меморандумына қол қойыўға келисип алды.
Бийпул мәсләҳәт беретуғын веб-порталдың жаратылыўы пуқаралардың әпиўайы мәселелер бойынша ҳәр қыйлы мәкемелерге мүрәжат етиўин кескин кемейтиў менен бирге, күнделикли турмыста дус келиўи мүмкин болған ҳәр қыйлы машқалалы мәселелердиң нызамлы шешим табыўын тәмийинлейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге