Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2018 16:50
  • 1876

«Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы қашан болып болып өтеди?

«Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы қашан болып болып өтеди?
Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) жазыўынша, усы жылдың 12-13-октябрь күнлери Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гастрономиялық фестивалы ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы болып өтеди.
Илажды өткериўдеги мақсет, Мойнақ районының экономикалық турақлылығын тәмийинлеў, район халқының жасаў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди Арал бойы аймағының мәдений-тарийхый мийраслары менен таныстырыў болып табылады.
Еслетип өтемиз, фестиваль өткен жылы биринши мәрте өткерилип, илаж қатнасыўшылары Мойнақ районындағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында болып өткен «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы, сондай-ақ, райондағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында өткерилген Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық дөретиўшилик-музыкалық фестивалы және бурынғы теңиз жағалаўы, яғный «Корабльлер қойымшылығы»нда өткерилген «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивальға қатнасқан еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында