Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.10.2018 12:09
  • 2675

Арал теңизи суўының шегиниўин алдыннан ескерткен «алтын балықлар» ҳаққында билесиз бе?

Арал теңизи суўының шегиниўин алдыннан ескерткен «алтын балықлар» ҳаққында билесиз бе?

Арал теңизи толып-тасып турған ўақытлары теңизде балықтың көплеген түрлери болғанлығы ҳәммемизге мәлим. Усы балықлар арасында Аралдың бекире балығы өзиниң пайдалы тәреплери ҳәм өзгешелиги менен ажыралып турған.
1957-жылы Мойнақ районында туўылған ҳәм дерлик 40 жыл теңизде балық аўлаған, райондағы «Үшсай» аўыл пуқаралар жыйыны Тоқпақ ата деген жеринде жасайтуғын Әдилжан Бийгелдиевтиң айтыўынша, жергиликли халық бекире балығын «алтын балық» деп атаған. Сәўбетимиз даўамында Әдилжан аға 40 жылға шамалас балықшылық дәўиринде 130 килограмға шекем келетуғын бекире балықларын аўлағанлығын айтып берди.
Бизге белгили, бекире балығының икрасы «қызыл икра» деп аталып, инсан саламатлығы ушын оғада пайдалы болып табылады. Ҳәзирги ўақытта да дүнья балықшылық санаатында бул балықтың икрасы оғада қымбат есапланады.
- Бекирениң бөтекеси ҳәм өкпесин балықшылар қуўыртып жеўди оғада хош көретуғын еди. 1970-75-жыллардан баслап бекирелер Үшсай тәрепке ғалаба көше баслады. Алдын бекирелер бул жерлерге улыўма жақын келмейтуғын еди. «Алтын балықлар»дың усындай көшиўин көрген сол ўақыттағы тәжирийбели, көпти көрген балықшы ғаррылар теңиз суўының шегине баслағанын ҳәм ақыр-ақыбетинде қурып кетиўи мүмкин екенлигин айтқан еди, - дейди Әдилжан аға.
Сиз фотода көрип турған көринис социаллық тармақларда кең тарқалды. Бул сүўрет бурын Мойнақта жасаған Владимир Баутинге тийисли болып, онда Арал теңизиниң «алтын балығы» есапланған бекирелерди аўлап келген балықшылар сәўлеленген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

    Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде өсимлик майы, сары май, мәйек, банан, цитрус мийўелер, ун,

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»