Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.08.2017 10:01
  • 2307

Бирге жегенде пайдасы артатуғын өнимлер

Алма ҳәм шоколад



Булар биргеликте желинсе, организм ушын пайдалы болған антиоксидантты еки есеге көбейтеди. Ол териниң жас қәлпин сақлап қалыўға, бас мий ҳәм жүрек қан-тамырлары системасын жақсылаўға жәрдем береди.

Сулы жармасы ҳәм апельсин шербети



Сулы жармасы менен жаңа таярланған апельсин шербети фенолларға бай болып, ол ас сиңириў системасын жақсылап, май бөлип шығаратуғын безлердиң ислеўин тәртипке салады.

Помидор ҳәм баўыр



Баўыр темир элементине бай. Ол С витаминине бай помидор менен бирге желинсе тәбийғый қуўатлылығы артады.

Петрушка ҳәм лимон



Баўыр ҳәм помидордағыдай петрушканың қурамындағы темир элементиниң организмге жақсы сиңиўинде лимонның пайдасы оғада көп.

Айран ҳәм көк шөплер



Айранның қурамындағы кальций асқазанның жумысын жақсылап, ишектеги микрофлораларды қәлипке келтиреди. Ал витаминлерге бай болған көк шөплер болса кальцийди сиңириўге жәрдем береди.

Шпинат ҳәм авокадо



Шпинат А витаминине бай. Бирақ, оның тәсир етиў дәрежесин жақсылаў ушын өсимлик майы керек болады. Авокадоның қурамында шпинаттың тәсир дәрежесин жақсылайтуғын витаминлер көп.

Көк чай ҳәм лимон



Медицина хызметкерлери көк чайға бир тилик лимон салып ишиўди усыныс етеди. Усы бирикпе организм ушын максимал пайдасын тийгизеди. Көк чай қурамындағы аскорбин кислотасы қантлы диабетке қарсы пайдалы болып, жүрек қан-тамырлары, рак аўырыўының алдын алады.

Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында