Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.10.2018 14:28
  • 1611

НМПИ шет тиллери факультетинде Россия тәжирийбеси қолланылмақта

НМПИ шет тиллери факультетинде Россия тәжирийбеси қолланылмақта
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетинде Россия Федерациясының жоқары оқыў орынлары шет тиллерин оқытыў методикасының заманагөй ҳәм инновациялық үлгилерин оқыў процесинде қолланыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Усы жылдың 25-май ҳәм 1-июнь күнлери аралығында институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов ҳәм шет тиллери факультети деканы И.Дильманов Москва мәмлекетлик педагогикалық институтында болып, ол жердеги оқыў процеси, педагог хызметкерлерди таярлаўда әмелият орынлары менен бирге ислесиў өзгешеликлери, илимий изертлеў жумысларында қолға киргизип атырған нәтийжелери менен жақыннан танысып қайтты.
- Шет тиллерин үйрениў бойынша усы жоқары оқыў орны тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў бағдарында әмелий жумыслар алып барып атырмыз. Әсиресе, студентлерди көбирек илимий изертлеў жумысларына тартыў, илимий мақала ҳәм тезислердиң сапасын арттырыў мәселелери бойынша нәтийжели жумысларды жолға қойып атырмыз, - дейди шет тиллери факультети деканы И.Дильманов.
Сапар даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарында келисимлерге ерисилип, сол келисимлер тийкарында факультеттиң 3 профессор-оқытыўшысы Москва мәмлекетлик педагогикалық институтында өз тәжирийбесин арттырып қайтыўы, сондай-ақ, илимий изертлеў жумысларын сол жерде алып барыў ҳәм докторлық диссертацияларын жақлаў ушын ассистент-оқытыўшыларды жибериў жобаластырылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

    Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға