Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.10.2018 14:37
  • 1687

Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети магистранты НМПИ магистрантлары менен илимий жумыслары жөнинде пикир алмасты

Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети магистранты НМПИ магистрантлары менен илимий жумыслары жөнинде пикир алмасты
13-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университетиниң 1-курс магистранты Такао Юма факультет қәнигеликлеринде оқып, илимий жумысларын алып барып атырған бир топар магистрант ҳәм бакалавр бағдары студентлери менен ушырасты.
Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети магистранты НМПИ магистрантлары менен илимий жумыслары жөнинде пикир алмасты
Ушырасыўда япониялы жас излениўши илимий жумысларын алып барыў мақсетинде Қарақалпақстанға келгени ҳәм усы жерде оқып, илимий изертлеў жумысларын баслап атырған жас қәнигелер менен өз ара пикир және тәжирийбе алмасыўды жобаластырғаны ҳаққында айтып өтти.
- Мениң баслы изертлеў объектим жер асты суўларының жағдайы болып табылады. Магистрлик диссертация жумысымның темасын алыў ўақтыңда Арал бойы әтирапындағы жер асты суўларының жағдайы бойынша оғада қызықлы фактлерге дус келдим. Оларды еле де терең үйрениў мақсетинде Қарақалпақстанға келдим. Бул жерде декабрь айына шекем өз излениўлеримди алып бараман. Бунда мен ушын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде ислейтуғын профессор-оқытыўшылар ҳәм магистрантлардың усы тема бойынша алып барған изертлеў жумыслары айрықша әҳмийетке ийе болады деп ойлайман, - дейди Такао Юма.
Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети магистранты НМПИ магистрантлары менен илимий жумыслары жөнинде пикир алмасты
Ушырасыў даўамында Такао Юма өз изертлеўлери нәтийжесинде анықлаған айрым жаңалықлар бойынша институт магистрантлары менен өз ара пикир алмасты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған