Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.10.2018 16:22
  • 1797

Өзбекстан бойынша ҳәптесине 5 күнлик жумыс күни усыныс етилмекте. Министрлик буған қандай жуўап берди?

Өзбекстан бойынша ҳәптесине 5 күнлик жумыс күни усыныс етилмекте. Министрлик буған қандай жуўап берди?
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги «Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында додалаўға қойылған барлық кәрхана ҳәм шөлкемлердиң 5 күнлик жумыс ҳәптесине өтиў мәселеси бойынша усынысқа мүнәсибет билдирди.
«Усы жылдың 16-октябрь күни «Менинг фикрим» порталында барлық бюджет ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң толық 5 күннен ибарат жумыс ҳәптесине өтиў кереклиги ҳаққында жәрияланған усыныс Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен көрип шығылды.
Мийнет нызамшылығына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди талап ететуғын бундай усыныс мақсетке муўапық келмейди.
Бириншиден, толық ҳәпте даўамында үзликсиз жумыс тәртибине ийе болған барлық бюджет шөлкемлери, соның ишинде, медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери ушын мәжбүрий 5 күнлик жумыс ҳәптеси барлық емлеўхана, поликлиника, мектеп, колледж, жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, мәмлекетлик емес шөлкемлерге байланыслы болған кәрханалардың 5 күнлик жумыс ҳәптесине өтиўин талап етеди.
Екиншиден, әмелдеги нызамшылыққа муўапық (Мийнет кодексиниң 120-статьясы), жумыс ҳәптесиниң түри (еки күнлик дем алыс белгиленген бес күнлик жумыс ҳәптеси ямаса бир күнлик дем алыс белгиленген алты күнлик жумыс ҳәптеси) ҳәм жумыс ўақтының тәртиби (күнлик жумыс (смена) даўамлылығы, жумыс ўақтының басланыўы ҳәм жуўмақланыўы, жумыстағы дем алыслар ўақты, бир күндеги сменалар саны, жумыс күни ҳәм жумыс күни болмаған күнлердеги нәўбетшилик, жумысшылардың сменадан сменаға өтиў тәртиби» кәрханада ишки мийнет тәртип-қағыйдалары, жумыс орнындағы басқа нормативлик ҳүжжетлер, егер олар болмаса, жумысшы ҳәм жумыс бериўши арасындағы келисим бойынша орнатылады.
Соған бола, барлық бюджет ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди толық бес күннен ибарат мәжбүрий жумыс ҳәптесине өткериўге зәрүрлик жоқ, өйткени мийнет нызамшылығында бундай имканият нәзерде тутылған ҳәм жумыс орнындағы нормативлик ҳүжжетлер арқалы әмелге асырылыўы мүмкин», - делинген министрликтиң хабарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған