Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.10.2018 11:39
  • 1477

Өрнек алса болатуғын инсан ямаса қараөзекли екинши топар майыбы қалайынша исбилерменлик жолын баслағаны ҳаққында

Өрнек алса болатуғын инсан ямаса қараөзекли екинши топар майыбы қалайынша исбилерменлик жолын баслағаны ҳаққында

Елимизде алып барылып атырылған күшли социаллық сиясаттың нәтийжесинде халқымыздың турмыс абаданлығы артып бармақта. Әсиресе, бул бағдарда кем тәмийинленген ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға мәмлекет тәрепинен жәрдемлер берилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламаға сәйкес мәмлекет пенен жәмийеттиң ҳәр тәреплеме жедел раўажланыўын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыўдан, мәмлекетти модернизациялаў ҳәм турмыстың барлық тараўларын еркинлестириў нәзерде тутылған.
Көлеми жағынан бес жыллықты қамтыйтуғын мәмлекетлик дәстүрдиң төртинши бағдары тиккелей социаллық тараўды раўажландырыўға бағдарланып, усы тийкарда елимизде бир қатар ибратлы жумыслар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов тәрепинен өткерилген қабыллаўда халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, әсиресе, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, майыпларға жәрдемлер көрсетиў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар берилип, «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети «Пахтасанаат аймақлық филиалы»на қараслы пахта тазалаў заводы менен дүзилген шәртнамаға муўапық Қараөзек районы «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖда жасаўшы екинши топар майыбы М.Төремуратоваға шәртнама тийкарында тигиў машинасы ҳәм дәслепки буйыртпа керекли гезлемелер жеткерилип берилген еди.
Ҳәзир үй шараятында тигиўшилик пенен шуғылланып, шаңарақ дәраматына өз үлесин қосып, соның менен бирге, турақлы бәнтлигин тәмийинлеген Малика шаңарақ ағзалары менен биргеликте қолқап, автомашиналар жапқышлары, фартукларды тигиўди жолға қойып, жумыс алып бармақта.
- Мен денсаўлығыма байланыслы үйде отырып, турақлы жумыссыз болып қалмастан өз ийгилигим ушын тигиўшиликти үйренип, өз алдыма келешекте тигиў цехын ашыўды мақсет еттим ҳәм бул жолда елимизде жаратылған шараятлардан туўры пайдаланып өнер үйрендим. Бунда маған районлық ҳаял-қызлар комитети ҳәм басқа да бир қатар жәмийетлик шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўы, жәрдеми арқасында турақлы жумысқа да ийе болып, дәслепки буйыртпаларымды да питкерип шықтым. Келешекте турақлы жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызларды тигиўшилик пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў, өнер үйрениўи ҳәм хожалығының дәраматына үлесин қосыўы ушын әмелий көмегимди тийгизиў мақсетинде цех ашыў нийетиндемен, - деп толқынланып жуўап берди М.Төремуратова биз бенен сәўбетте.
Шаңарақ ағзалары да қол көмегин аямастан қызығыўшылық пенен жумыс баслаған бул қыздың қыймыл-ҳәрекетинен иске болған интасынан талай асыўларды аса беретуғынлығын өзгеше төзим ҳәм мәртликти сезиў қыйын еместей еди.

Ҳүрлиман Салиева,
Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған