



Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова, район ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаевлар шығып сөйлеп, аймақ турғынларын бул мәкемениң ашылыўы менен қызғын қутлықлап, имарат алдына тартылған лентаны кести ҳәм мәкемениң ишки қолайлықлары менен танысты. Соңынан қатнасыўшылар усы мәкемеде тәрбияланыўшы балалардың концерт бағдарламасын тамашалады.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, бул жерде 1 жастан 7 жасқа шекем балалар қабылланып, ҳәзирги күнде 50 бала тәрбияланбақта. Мәкемениң қурылыс жумысларына 300 млн сум қаржы ажыратылды.




Сондай-ақ, усы күни райондағы «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан «Бегдияр» атлы шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ашылыў мәресими де болып өтти.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


