Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.10.2018 20:02
  • 1599

«Суў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери» атамасындағы семинар-тренинг болып өтти



Усы жылдың 18-октябрь сәнесинде Нөкис қаласында журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм Орайлық Азия аймақлық экологиялық орайы тәрепинен «Суў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери» атамасындағы семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасындағы ғалаба хабар қураллар – газета, радио, телевидение ҳәм интернет сайтларынан журналистлер ҳәм экологиялық ҳәрекеттиң ўәкиллери қатнасты. Семинар-тренингде бүгинги күнде дүнья жүзинде ишимлик суўының жетиспеўшилиги, оның унамсыз ақыбетлери, суўдан үнемлеп пайдаланыў ушын халықтың арасында түсиник жумысларын алып барыў, бул теманы ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў бойынша мәселелер додаланды.



Проекттиң тийкарғы мақсети журналистлер ҳәм мәмлекетлик емес коммерциалық емес шөлкемлердиң ўәкиллери ушын суў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери ҳаққында журналистлердиң шеберлигин арттырыў, ғалаба хабар қуралларында усы тема бойынша ҳәр түрли жанрлардағы материалларды сәўлелендириўге жәрдемлесиўден ибарат.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында