Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.10.2018 20:11
  • 1513

«Әмиўдәрья: фотокамера алдында» атамасындағы фототаңлаўы жәрияланды



Өзбекстан экологиялық ҳәрекети ҳәм Германия халық аралық бирге ислесиў жәмийетиниң «Әмиўдәрьяның төменги ағымларында жерден пайдаланыў ҳәм экосистемаларды сақлаўға экосистемалы көзқарас» бағдарламасы менен биргеликте халық аралық Әмиўдәрья күнлерине бағышланған илажлар шеңберинде «Әмиўдәрья: фотокамера алдында» атамасындағы фототаңлаўын жәриялайды.
Таңлаўдың тийкарғы мақсети – Әмиўдәрьяның глобал экологиялық өзгерислерге тәсири, трансшегаралық суў ресурсларынан пайдаланыў, Әмиўдәрья дәрьясында биологиялық көп түрлиликти сақлаў, суў ресурсларын басқарыў ҳәм суўды тежеў мәселелеринде аймақлық бирге ислесиўди раўажландырыў, экологиялық билимлерди жетилистириўде жәмийетшиликтиң итибарын қаратыўдан ибарат.
Таңлаўға қәлеген адам қатнасыўы мүмкин. Бир автордан көби менен 10 фотосуўрет қабыл етиледи. Фотосүўреттиң астына оның аты келтирилип өтилгенлиги мақсетке муўапық болады. Бир сүўреттиң көлеми 5 мб.тан аспаўы керек. Таңлаўға тапсырылған фотосүўретлер ушын авторлық ҳуқықы сақланып қалынады. Таңлаўға келип түскен сүўретлерден авторларының аты көрсетилген ҳалда Әмиўдәрья дәрьясына бағышланған фотокөгизбеде пайдаланыў, оларды экоҳәрекеттиң веб-сайтына жайластырыў, ҒХҚда пайдаланыў ҳуқықына ийе. Таңлаўға усынылып атырған сүўретлерге қосымша төмендегилер де тапсырылыўы керек: автордың аты, фамилиясы, әкесиниң аты, искерлик түри, жасаў мәнзили, телефон номерлери ҳәм электрон мәнзили.
Дөретиўшилик жумысларды 2018-жылдың 8-ноябрь сәнесине шекем төмендеги мәнзилге жибериўиңиз соралады: Ташкент қаласы, Ғәрезсизлик (Мустақиллик) көшеси 59 жай. Тел.: +99871 2304153, e-mail: info@eco.uz

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...