Усы жылдың 28-30-октябрь күнлери Ургенч қаласында биринши мәрте студентлер арасында математика бойынша Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиада өткериледи.
Бул абыройлы халықаралық олимпиаданы шөлкемлестириў басламасы Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-жылдың сентябрь айында Астана қаласында болып өткен Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитинде алға сүрилген еди.
Министрлер Кабинетиниң 2018-жылдың 26-август күнги қарары тийкарында жоқары оқыў орны студентлери арасында ҳәр еки жылда бир мәрте математика бойынша Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиада шөлкемлестириў белгиленди.
Бул абыройлы халықаралық олимпиадаға дүньяның 20 мәмлекетиндеги 58 университеттиң командалары қатнасады. Онда 334 студент өз ара жарысады, оларға 100 команда басшылары жетекшилик етеди.
Халықаралық олимпиадада жеңимпазлықты қолға киргизген өзбекстанлы студентлерге математика, физика, мәлимлеме технологиялары бағдарлары бойынша магистратураға квотадан тыс мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў ҳуқықы бериледи.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz