Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.10.2018 13:37
  • 2120

Ҳәмме жол Римге емес, «Базар стоянка», «Базар туннель», «Рес больница»ға апарады

Ҳәммеге көлик керек
Даңғаралы Нөкис көшелери күннен күнге қаланың келбетин толтырып, ҳәрекети тезлесип баратыр. Мәнзиллерди тутастырған жоллардың үстинде машиналар дөңгелеги жерге тиймей зытқып баратырған, зытқып баратырған. Сеңдей соқлығысып, бирине бири жол бериўге ийбенип, «Өзим-ақ алдыға өтип кетейин» деген ой менен алдыға шулғыйды. Бул кәрада кими пиядалы, кими машиналы – ҳәр ким өзи гөзлеген мәнзиллерге асығады. Машинасы барлар «Маған ҳеш гәп ешегим бар» деген тақылетте өз мәнзиллерине емин-еркин кете береди. Күн ыссы. Пиядалар болса өз мәнзилине жетиў ушын жәмийетлик транспортларға қос қоллап жүгинеди. «Жүгинеди» деўимизге бираз ҳайран боларсыз. Ақыры, бүгинлигинде жолларды толтырып жүрген көликлер көп. Қайдағы «жүгиниў» деп ойлап қаларсыз. Ҳаслында пайтахтымыздың 300 мыңнан артық халқы бар. Бул аралықта басқа районлардан да қаншама мийман келип кетеди. Сонлықтан, олардың барлығына телеген арба болса да көлик керек. Машқала деп жоқтан бар етип көрсетиў нийетимиз жоқ. Ҳәмме көре берип, көзи үйренип кеткен нәрселерди қағазға түсиргенди мақул көрдик.
Ҳәмме жол Римге емес, «Базар стоянка», «Базар туннель», «Рес больница»ға апарады
«Ҳәмме жол Римге апарады»
Рим империясының гүллеп-жаснаған дәўиринде «Ҳәмме жол римге апарады» деген гәп болған. Бул бир ескиликтиң сарқыты. Бирақ, бизиң жәмийетимизде де усы тақылеттеги ҳәдийселерге де көзимиз түседи. Студентпиз. Ҳәр күни оқыўдан шыға сала үйимизге асығамыз. Жол бойында ғаздай қатарласып турсақ жөнелисли таксилер шайқалысып изли-изинен келе береди, келе береди. Биз көшени толтырып киятырған «полка нан»лардың жөнелис номерлерине қарап, мәнзиллеримизге жетип аламыз. Усындайда бул машиналардың «гений» айдаўшылары шығып қалады. «Барарға жери жоқ, батарға көли жоқ» дегенди сонда көресең. Жөнелис номери машинаның қай жерден шығып, қай жерге баратуғынының бизиңше «паспорты» есапланады. Садағаң кетейин «генийлер» «Базар туннель», «Гөне қала», «Рес больница» деген жазыўларды қыстырып келеди. Машина сонда туннельге барып тоқтаўы керек пе? Туннельдиң бузылып кеткенине бир қанша ўақыт болды. Ҳеш заманда да туннельдиң қасына барып «пәлен жерге барамыз» деп турған машинаны көрмедик. Көпшилик көликлер бир тоқтайды да, тезден «газге отырады». Базыда бир жолда жүре берип, көпшилик айдаўшыларды танып аласаң. Сонда «Бул пәлен номерли маршрут емес пе?» деп сорап қаласаң. Сондай да, ҳәмме жол бирдей бағытқа қарап кетип қалады. Ойланып қаласаң. «Биз әлле туннельге, әлле Гөне қалаға барыўымыз керек».
Қайсы дәўирде жасап атырмыз? Ҳәмме көлик бирдей бағытта жүретуғын. «Бул пәлен номерли машина, жоба бойынша мына ноқатқа дейин барыўыңыз керек» десек жуўап таяр. Я газге баратырған болады. Я түслик қылыўға, дым болмаса зәрүр жумысы шығып қалған болады.
Айдаўшыларды да түсиниў керек. Олардың да зәрүр жумыслары шығып қалады. Бирақ та, бир ўақыттың өзинде бир неше машина «жағдайлы» болып қалыўы тәбийғый қубылыс емес. Ҳәрекетлениў ўақтында жолаўшыларға түсиникли болыўы ушын ҳәрекет номерине қоса қосымша жазыўларды қыстырып алған болса бир жөнкили. Бирақ бизиң айтып турғанымыз өзлерине жаңадан жоқарыдағыдай жөнелис жаратып алғанлар. Қаншама машиналар жөнелис номериниң қасына қыстырып қояды жайма жазыўын, буның жаман жери жоқ. Қала сыртынан келген адамлар да «Пәлен жерге бараман, нешинши маршрут жүреди?» деп сорайды. Заң-зәкүн бойынша жөнелис номери болмаса машина қандай ҳәрекетлениў керек?!
Ҳәмме жол Римге емес, «Базар стоянка», «Базар туннель», «Рес больница»ға апарады
Биз қайда барамыз?
Нөкис Нөкис болып аталғаны менен ол бир неше елатлықлар, посёлкаларға бөлинеди. Мәселен, Қызкенткен елаты (Гербиш завод), Жийдели Байсын, Саманбай, Қум аўыл, Орақ балға тағы басқалар. Қала ишинде ҳеш гәп, елатлықлар Нөкистиң шетки ноқатларынан болып саналады. Оларда халық көп, бирақ көлик жетиспейди. Буны тек сол жергиликли әпиўайы адамлар емес, журналистлер, муғаллимлер ҳәм басқа да қатар зиялылар қәўимлери де жақсы биледи. Ҳәр бир елатқа бөлек тоқтап отырыў шәрт емес. Себеби, транспорт жетиспеўшилиги барлық шетки посёлкаларда бар машқала. Әсиресе, азанғы мәҳәл, түслик ўақты ҳәм тағы басқа оқыўдың, жумыстың басланар ўақытлары машина табыў қыйын болады. Басқа ўақытлары бир исләсин таўып оңыса берермиз. Деген менен, оқыўдан кешиксе студент қәўимине «нб» деген бәледен қәўип көбейе береди. Ал, жумысшылар болса жумыстан кешигеди, айлығынан қырқылады ямаса таң азаннан баслап көлик жетиспеўшилигинен нерв талшықларын бир-бир сыннан өткерип алады. Усындайда жумыстың сапасына азлы-көпли тәсири тийетуғыны анық. Жолаўшылар көликке әмелин таўып илескен адамлардың изинен қарап қалады. Олардың көзлеринде «Биз қайда барамыз?» дегенди оқып қаласаң.

Исбилерменлер ғана жуўап береди
Жоллардағы айрым бийбастақлық ҳәм машқалалар бойынша бир неше сораўларымыз бенен Нөкис қалалық транспорт басқармасына бардық. Ол жерден кәрхана жумысы тоқтатылғанлығы ҳаққында хабарды еситтик. Қолымызға Президентимиздиң 2018-жыл 6-марттағы «Автомобиль транспортын басқарыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша қалалың басқарма жумысы тоқтатылғанлығы ҳәм ол қайта шөлкемлестирилген Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң тийисли аймақлық басқармасына бирлестирилгенлиги ҳаққындағы буйрықты берди. Ҳәзирше қала ишиндеги жолаўшы тасыўшы транспорт ҳәрекети бойынша тек ғана жуўапкершилиги шекленген жәмийет (ЖШЖ) көринисиндеги жөнелис бағдарлары бойынша жол кесими ийелери болған исбилерменлер ғана жуўап бере алыўын билдик. Кейин ала олардың барлығы Агентлик қурамына толық өтип ҳәм қайта шөлкемлестирилип үлгермеген Нөкис қалалық транспорт басқармасына бириктириледи.

Жуўмақ
Ҳаслында қалалық жолаўшы тасыўшы таранспортлар ҳәрекети ҳәм олардың жумыслары бойынша орайлық басқарыў ямаса қадағалаў ҳуқықына ийе мәкеме болғаны мақул. Себеби, жөнелис бойынша жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер көпшиликти қурайды. Олар арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, жумысларын қадағалаў (әлбетте жақсы мәнисте), олардың хызметлериниң сапасын еле де арттырыў ушын кимдур басшылықты өз мойнына алыўы керек. Исбилерменлик пенен шуғылланып атырған жөнелис кесими ийелери арасында бийбастақлықлар ҳәм келиспеўшиликлер келип шықпаўы турақлы тәмийнленип турса мақсетке муўапық болады. Бүгинги күндеги жолаўшы тасыўшы транспортлардағы айрым машқалалар кейин ала бир жөнге түсип кетеди деген исенимдемиз.

Ж.Искендеров,
Бердақ атындағы ҚМУ журналистика бағдарының 4-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын буннан былай да кеңейтиў

Жаңа жыл байрамындағы ҳәм 2023-жылдағы қосымша дем алыс күнлери мәлим болды

Жаңа жыл байрамындағы ҳәм 2023-жылдағы қосымша дем алыс күнлери мәлим болды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2023-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем