Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.10.2018 11:30
  • 1622

Мектеп журналын таярлаў ушын муғаллим пул төлемейтуғын болды

Мектеп журналын таярлаў ушын муғаллим пул төлемейтуғын болды
Өзбекстандағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплерде ўақытша класс журналын таярлаў менен байланыслы қәрежетлер билимлендириў мәкемелериниң басқа қәрежетлеринде нәзерде тутылған, тежелген ҳәм экономланған қаржылары есабынан жедел түрде әмелге асырылыўы белгиленди. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министри орынбасары Отабек Назиров тәрепинен 24-октябрь күни қол қойылған ҳүжжетте жазылған, деп хабар бермекте Kun.uz.
Ҳүжжетте атап көрсетилиўинше, жергиликли басқарма баслықлары, районлардағы бөлим баслықлары ҳәм барлық улыўма орта билим бериў мәкемелери басшыларына «зәрүр жағдайларда усы мақсетлер ушын қәрежетлер сметасының басқа статьяларында тежелген ҳәм экономланған қаржылардан орнатылған тәртипте нәтийжели пайдаланыў илажларын көриў ўазыйпасы жүклетилди».
Сондай-ақ, басшылар алдына тийисли қаржылар жеткиликли болмаған жағдайларда бюджеттен тысқары қаржылардан пайдаланыў, қәрежетлер бойынша буйыртпаларды жедел түрде аймақлық қаржы органларына киргизиў ўазыйпалары да қойылмақта.
Мағлыўмат ушын, быйылғы оқыў мәўсими басынан берли улыўма орта билим бериў мектеплери класлары ушын класс журналлары жеткерип берилмеди. Халық билимлендириў министрлигиниң атап өтиўинше, класс журналын сатып алыў бойынша тендер жәрияланған ҳәм процесс жуўмағына жетпеген.
Буннан соң министрлик тәрепинен жергиликли басқармаларға мектеплердиң 1-4-, 5-9-, 10-11-класлары ушын ўақытшалық класс журналлары үлгиси жиберилген еди. Буның нәтийжесинде муғаллимлер арасында класс журналын өз қаржылары есабынан таярлаўға мәжбүр болып атырғаны ҳаққында көплеген мүрәжатлар болған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған