Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.10.2018 15:22
  • 1553

Қарақалпақстанда биринши мәрте НМПИде япон тили үйретилмекте

Қарақалпақстанда биринши мәрте НМПИде япон тили үйретилмекте
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетинде Қарақалпақстанда биринши мәрте япон тили үйретилмекте.
Институттың халықаралық байланыслар бөлими методисти С.Есемуратованың хабар бериўинше, Япония халықаралық бирге ислесиў шөлкеми – «JICA» волонтёры Фужики Юи шет тиллери факультетти студентлерине япон тилинен сабақ бермекте.
- Усы жылдың 15-октябрь күни институтымызда JICA халықаралық шөлкеминиң волонтёрлары менен ушырасыў болып өтти. Халықаралық шөлкемниң волонтёрлар координаторы Камидате Бунсеи ҳәм волонтёр Фужики Юилар менен өткерилген ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша келисимге келинген еди. Келисим тийкарында институтымызда япон тили үйретиле басланды, - дейди институттың халықаралық байланыслар бөлими методисти С.Есемуратова.
Еслетип өтемиз, быйылғы оқыў жылынан баслап Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллери және мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетлеринде Корея халықаралық бирге ислесиў шөлкеми – KOICA волонтёры Ли Сангхян кореец тили бойынша сабақ өтип келмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған