29-октябрь күни Туркияның Стамбул қаласында 90 миллион жолаўшыға хызмет көрсететуғын дүньядағы ең үлкен аэропорттың ашылыўы болып өтти.
Улыўмалық майданы 76,5 миллион квадрат метрлик аэропорттың биринши гезеги ашылыўы ушын 6 миллиард доллар қаржы жумсалған. Аэропорттың қалған бөлеги 2023-жылға шекем пайдаланыўға тапсырылыўы жобаластырылған.
Аэропорт толық пайдаланыўға тапсырылса, оның 6 ушыў-қоныў жолы, 500 самолётты қабыллай алыў мүмкиншилиги, 70 мың автомобиль ушын ашық ҳәм жабық автостоянка, 20 мың адамға арналған күтиў залы ҳәм 200 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў мүмкиншилигине ийе болады. Аэропорттан 350 жөнелис бойынша самолёт рейслери әмелге асырылады.
Сондай-ақ, аэропорттың 451 бөлмели мийманханасы да бар. Аэропорттан дәслепки сапар 31-октябрь күни «Boeing 777» самолётында Стамбул – Анкара жөнелиси бойынша әмелге асырылады.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz