Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.10.2018 18:00
  • 1333

Кәримов Фонды магистратурада сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алыў ушын грантлар таңлаўын жәриялады

Кәримов Фонды магистратурада сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алыў ушын грантлар таңлаўын жәриялады

Кәримов Фонды сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алыў ушын үшинши грантлар таңлаўын жәриялайды.
Төмендеги қәнигеликлер бойынша Европаның жоқары оқыў орынларында магистратура басқышында билим алыў мүмкин:
• Қайта тикленетуғын энергия дәреклери;
• Химия. Химиялық технология;
• Суў ҳәм жер ресурсларын басқарыў;
• Машина өндириси ҳәм технологиялары;
• Архитектура. Имарат ҳәм сооружениелерди қурыў;
• Автомобиль жоллары, көпирлер, тоннельлер, жол өткергишлери ҳәм аэродромларды жойбарлаў ҳәм қурыў;
• Текстиль санааты технологиялары ҳәм үскенелери;
• Туризм хызметлерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў;
• Мәлимлеме хызметлери ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар.

Таңлаўға инглис, немис ямаса француз тиллерин жоқары дәрежеде билетуғын, Өзбекстан ямаса сырт ел жоқары оқыў орнын питкерген яки оның соңғы курсында оқып атырған, жасы 35 тен өтпеген Өзбекстан пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Грант жеңимпазларының сырт елде оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери (2 жылға шекем) Фонд тәрепинен қаржыландырылады.

Таңлаўға қатнасыў ушын ҳүжжетлер онлайн қабылланады:
https://goo.gl/forms/vNSA6KLY2JDOA86h1

Таңлаўға қатнасыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер дизими:
• Фонд тәрепинен тастыйықланған формадағы таңлаўға қатнасыў бойынша арза;
• таңлаў қатнасыўшысының жеке анкетасы;
• таңлаў қатнасыўшысы тәрепинен тастыйықланған «Сырт ел жоқары оқыў орынларында магистрлик бағдарламасы бойынша билим алыў ушын Кәримов Фонды грантын алыў бойынша өткерилетуғын III таңлаў Уставы»ның Көширмеси;
• жоқары оқыў орны ректоры (шөлкем, кәрхана, мәкеме басшысы) атынан таңлаўда мүнәсип талабан сыпатында қатнасыўы ҳаққындағы Усыныснама ямаса жоқары оқыў орнынан ақырғы басқышта табыслы оқып атырғаны ҳаққындағы мағлыўматнама;
• паспорттың реңли нусқасы;
• жоқары оқыў орнын питкергени ҳаққындағы Дипломның нусқасы.

Ҳүжжетлерди тапсырыў мүддети шекленген – 2018-жыл 5-ноябрьден – 24-ноябрьге шекем.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған