Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.10.2018 11:37
  • 2277

ҒАЙРАТЛЫ ҚЫЗДЫҢ ҒАЙБАРЛЫҒЫ ямаса Манзура Мойнақта мийманхана қурмақшы

ҒАЙРАТЛЫ ҚЫЗДЫҢ ҒАЙБАРЛЫҒЫ ямаса Манзура Мойнақта мийманхана қурмақшы

Манзураны ең биринши көргенимде оның майып екенлигине сирә дә исенбедим. Умытпасам, 2014-жылы «Ташаббус» таңлаўының республикалық басқышы еди. Барлық исбилерменлер, өнерментлер Бердақ атындағы Қарқалпақ мәмлекетлик музыкалы театрына жыйналған. Өзиниң қол өнерментшилик буйымлары менен таңлаўға қатнасып атырған мойнақлы исбилермен, өнермент қыз Манзура өзиниң кишипейил минези менен өзине тартты.
-Бир аяғы, бир қолы жоқ өнермент қыз ғо,-деди қасымдағы қыз оны ийеги менен нуқсап көрсетип.
Былай-былай жүргенде сәл ақсаңлаңқырап жүргени ҳәм оң қолының жеңи салбырап турғанын айтпағанда ол ҳеш қандай имканияты шекленген инсанға уқсамас еди. Ол республикалық таңлаўда екинши орынды жеңип алып, сахнаға устазы, белгили өнермент Айзада Нурымбетова менен бирге шықты. Оның сонда сабырлы, ғайбар қарақалпақ қызы екенлигин, усы табысларға өз күши менен ерискенин сөйлеген сөзлеринен аңлаў қыйын емес еди.
- Арал қурыған менен өмир тоқтап қалған жоқ. Адамлар үмит пенен жасап атыр. Мәмлекетимиз жаратып берген имканиятлар бәршемизди руўхландырып усындай табысларға жеткермекте. Бәлим теңиз де бир күни өз ҳалына қайтар…
Мойнаққа барғанымда Манзураны излеп жумыс орнына бардым. Ҳәкимлик имаратының қапталында жайласқан «Қарақалпақ шебери Манзура» ЖШЖ деген жазыў қыстырып қойған имарат есигин ашып ишке кирер екенбиз, бөлме ишинде қойылған хантахта оның үстинде шашылып жатырған миллий нағыслар, сызылмалар, таўар қыйқымлары, булардың бәри тәсирли ҳәм жарасықлы көринис еди. Дийўалға илдирилген ҳәр қыйлы дипломлар, сертификатлар олардың мийнетлериниң жемислерин билдирип турар еди. Қапталындағы үлкен залда бир неше қызлар заманагөй тигиў машиналарында кийим-кеншеклер тикпекте.
-Бурынғыдан жағдайым көп жақсы,-деди ол сәлем-әликтен соң өзиниң жағдайы менен таныстырып. Бурынғы протезим етимди ғайзап, қанатып жиберетуғын еди. Сондай машқалалардың себебинен жумысқа да мазам бола бермейтуғын еди. Берекет тапсын устазым Айзада апаның жәрдеми менен атыма есап бети ашылып, акция шөлемлестирилип меҳирли инсанлардың қалыс хызметлериниң арқасында жаңадан заманагөй қол-аяқ протезин алдым. Өз аяқ-қолыңа жетпейди, деген менен бул ықшам ғана протезлер мүшкилимди жеңиллестирип атыр…
Оның тамағына бир нәрсе тығылып қалғандай иркилип қалды. Көзине жас көлегейледи. Лекин, өзин тутып, көз жасларын иркти.
Биз узақ сәўбетлестик. Ол тек ғана исбилермен яки өнермент емес, ал мәрт, ғайбар, ҳәр қандай сынаққа да шыдам бере алатуғын сабырлы қыз еди…
Манзура Ерниязова Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында туўылып өсти. Балалығынан журналист болыўды әрман етти. Лекин, оның денсаўлығының жағдайы бул әрманларға пәнт берди. Он тоғыз жасында Қоңырат районына турмысқа шықты. Өмирлик жолдасы жолаўшы поездында вагон гүзетиўшиси болып ислейтуғын еди. Өмир бир тегис даўам етип атырған еди. Әттең бир күни…
2004-жылдың 17-июль күни Манзураның өмиринде қорқынышлы жағдай жүз берди. Сол күни ол поездда қалаға атланған еди. Перронда тезлик алып атырған поездға асығып шығып атырғанда сергекликти умытып, аяғы тайып кетти…
-Көзимди ашсам аппақ ханада жатыр екенмен,-деп еслейди сол күнди ол.-Мени тезлик пенен Қоңыраттағы емлеўханаға алып барған. Бахтыма Ахмет аға исмли шыпакер мени операция ислеп жанымды аман сақлап қалған. Операциядан соң он бир күн өлим менен айқасып, бийхуш жатқанман. Мени шыпакерлер де, көпшилик адамлар да өледи деп ойлаған. Лекин жүримиң болса тири қалады екенсең. Бес ай дегенде емлеўханадан шықтым.
Лекин ҳеш нәрсеге жарамсыз ҳалда төсекке таңылып жатыў адамның жанын жер екен. «Бул жатыстан өлип кетсем болар екен»,- деген ой менен жасар едим. Ақыры соң күйеўим менен ажырасыўға қарар еттим. Онысыз да бурын бес жыл бирге жасап балалы да болмаған едик, ендиги жағында да оған аўыр жүк болып жатыўды өзиме мүнәсип көрмедим.
Ол қыз болған үйине қайтып келди. Анасы әтирапында пәрмана, барлық нәрсе жетерли болғаны менен оған өмир қызық емес еди. Усылай ол еки ай руўхый түскинликке берилип жасады.
Сабырлы ҳаял ақыр соң бул қыйыншылықларды мийнет пенен жеңиўди қарар етти. Күшке енип, қолтықтаяққа сүйенип жүриўди үйренди. Жақынларының мәсләҳәти менен 2007-жылы банктен 600 мың сум кредит алып саўын сыйыр сатып алды. Оған үй-иши менен күтимин берип сүт-қатығын қоңсы қобаларға сатыў менен шуғылланды.
Бир күни ол анасының қурақ көрпеше тигип отырғанын көреди. Өзи де қызығып тигип көрмекши болады. Лекин бир аяғы менен басып турып, бир қолы менен ийнени сабақлаў ҳәм тигиў азап екен. Бирақ ол буны меңгерди. Бара-бара қурақ қураў менен бирге көйлеклер де тиге баслады. Буйыртпашылар да көбейди. Қыз узатыў тойларға, байрамларға миллий кийим-кеншеклер менен бирге, қурақлар да тигип халықтың алғысын алды. Оған райондағы екинши топар майыбы Мухаббат исмли қыз да жәрдемлесип екеўи тигиў цехын ашты.
Бир күни Нөкистен белгили өнерент Айзада Нурымбетова келип миллий кийимлерди тигиў бойынша район ҳаял-қызларына мастер-класс өткереди. Қунт пенен тыңлап, өнер үйрениўге қызығып отырған Манзураға деген оның қызығыўшылығы артады. Оның жағдайы менен танысқанда аянышлы сезимлерин билдирместен оған руўхый күш берип, тәселле айтып жигерлендиреди ҳәм бир күни район ҳәкимине оны бирге алып барып, «Мен басқа жумысқа өтиўиме байланыслы кәрханамды жаўып атырман ҳәм компьютерлескен, шет елден алып келинген тигиў машиналарымды Манзураға бермекшимен. Соның ушын Сизден усы қызға бир кәрхана ашып берип, жай менен тәмийинлеўиңизди соранаман»,-дейди ол. Арадан көп өтпей қарақалпақ шебери Манзура ушын бул имканиятлардың бәри жаратылып, кәрхана иске түседи.
Мине арадан ўақытлар, жыллар өтип атыр. Манзура басқарған кәрханада бүгин оннан аслам ҳаял-қызлар жумыс ислемекте.
-Кәрхананы ашқан ўақтымда ең дәслеп райондағы жумыссыз отырған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси алдымда ўазыйпа болып турды. Мине бирге ислесип атырған өнермент ҳаял-қызлар менен бирге халқымыздың талабын қанаатландырыў ушын буйыртпалар тийкарында миллий кийим кеншеклерден тысқары мектеп оқыўшылары ушын формалар, районлық емлеўхана ҳәм балалар бақшалары ушын кийим-кеншеклер, көрпе төсеклер тигип бермектемиз. Жумысшылардың мийнет ҳақыларын ўақтында бериў ҳәм оларды разы етиў мениң ең биринши ўазыйпам,-дейди ол.
Жоқарыда айтып кеткенимиздей кәрхананың жумыслары қол өнерментшилигинен тысқары оның устазы саўға еткен компьютерлескен тигиў машиналары яғный, ақыллы технология тийкарында әмелге асырылады. Бир неше тигисти әмелге асырыў менен бирге барлық қолайлықларға ийе тигиў машиналары олардың мүшкилин аңсатластырмақта.
Имканияты шекленгенлигине қарамастан бар имканиятты иске салып ғайратланып ислеп атырған бул қызды көрген қандай адам болса да таңланғанлығын жасыра алмайды. Он еки мүшеси саў бола турып, қолында «көпшиктей» дипломы болыўына қарамастан, ериншеклиги басым келип ата-анасының яки жақынларының мойынларына жүк болып, «жеңилдиң асты, аўырдың үсти менен жүрип» ўақытларын бийкарға өткерип атырған жасларды көрип Манзура менен салыстырып, «Эҳ, денсаўлығының, бийбаҳа жаслығының, ўақыттың қәдирине жетпегенлер» деп айтқың келеди. Бул мәселеде сөйлескенимизде ол да өз ишиндегилерин төгип салды
-Инсан ушын ең бийбаҳа байлығы оның денсаўлығы. Бул байлықтың қәдирине ўақтында жетиў керек. Себеби бүгинги күн ертең қайтып келмейди. Алла таала мени бир өлимнен аман сақлап, екинши өмирди инам етти. Мен енди усы имканияттан барынша, күшимниң жеткенинше үнемли пайдаланып қалыўға ҳәрекет етпектемен. Жақын арада кәрханамның қапталынан халықтың талабын қанаатландырыў ушын химчистка ашып, иске түсирмектемен. Бул исимиз әмелге асса үш адам жумыс пенен тәмийинленеди. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Мойнақ районын раўажландырыў бойынша қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилди. Усы ҳуқықый ҳүжжет тийкарында бүгин Мойнақта бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Туризмди раўажландырыў бойынша социаллық имаратлар қурылып, музейимиз қайта оңланып иске түсти. Мен де усы имканияттан пайдаланып, туризмди раўажландырыў ушын жақында мийманхана қурыўды режелестирип атырман. Мийманхана иске түссе районымызда жумыссыз жүрген жасларымызды жумыс пенен тәмийинлеп, халыққа хызмет көрсетиў шеңберин кеңейтиў нийетиндемен,-дейди Манзура.
ҒАЙРАТЛЫ ҚЫЗДЫҢ ҒАЙБАРЛЫҒЫ ямаса Манзура Мойнақта мийманхана қурмақшы
Оның мийнетлери мүнәсип баҳаланып «Өзбекстан Республикасы Конституциясының 25 жыллығы» көкирек нышаны менен сыйлықланды. «Ардақлаў-2015» Республикалық таңлаўдың жеңимпазы болды.
Манзура тынып-тыншыўды билмейтуғын мийнеткеш қыз. Аралдың айдынлы толқынлары мәўжиреп урып турған гезлеринде дүньяға келген бул қызда теңиздиң өжетлиги, қайсарлығы бардай сезиледи. Көз алдыңызға бир келтириң, адам бир аяқ, бир қолсыз (бир бөтекси жоқлығын айтпағанда) балдаққа сүйенип жүрип те усыншама ислерди әмелге асырыў мүмкинбе? Усы ҳалында да ол аяғының бармақлары жәрдеминде сабақты қысып турып, бир қолы менен-ақ ийнеден өткереди. Кийим-кеншеклер тигеди. Буның менен де турмай ол жаңа ислердиң басында тур. Биз оның ислерине табыс, өзине денсаўлық тилеп жолға шығар екенбиз, ғайбарлықты Манзурадан үйрениў керек деген жуўмаққа келдик. Себеби, оның бул ислери мәртликтен басқа ҳеш нәрсе емес. Халқыңның бахтына аман болғайсаң Мойнақтың Манзурасы.

ГҮЛНАРА ТУРДЫШОВА.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он