Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.11.2018 16:11
  • 1524

«Трамадол» наркотиклер менен теңдей» ме?

«Трамадол» наркотиклер менен теңдей» ме?
Өзбекстанда шыпакер рецептисиз сатыў қадаған етилген күшли тәсир ететуғын ҳәм психотроплық дәрилер контрабандасы ҳәм нызамсыз айланысы жағдайлары көбейди, деп жазады Спутник хабарына тийкарланып Daryo.uz.
Қәнигелердиң айтыўына қарағанда, «Трамадол» таблеткасы өз тәсири жағынан наркотик затларға тең келеди.
«Таблеткаларды биринши мәрте пайдаланғанның өзинде оған үйренип қалыў жағдайы пайда болады. Дәслеп адам эйфорияны сезинеди, бирақ кейинги қабыллаўда организмде аўырыўлар ҳәм дискомфорт жүзеге келеди, оннан кейинги доза болса зәрүрликке айланады. Доза көбейип барады, дәрини сатып алыў ушын кем-кемнен көбирек пул керек болып барады, сол себепли усы дәриге үйренисип қалғанлар жынаятларға қол урады. Дәслебинде шаңарағының барлық жыйнап қойғанларын сарплайды, кейин үйден сатыў мүмкин болған барлық затлардың алып кетеди, соңынан болса жынаятлар – урлық, тонаўшылық етиўи ямаса адам өлтириўи де мүмкин», - деп айтып өткен нарколог.
Өзбекстанда бундай препаратларды нызамсыз түрде тарқатыўға қарсы гүрес даўам етпекте. Соңғы бир неше айдың ишинде жәми он мыңлаған долларлық психотроплық затлар партиялары конфискацияланды.
Өзбекстанда шыпакер рецептисиз сатыў қадаған етилген психотроплық ҳәм наркотиклик затлар дизимине ҳәзирги ўақытта 238 атамадағы затлар киргизилген. Олардың ишинде «Трамадол» да бар. Ол орайлық нерв системасына тәсир ететуғын аўырыўды тоқтататуғын дәри болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған