Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.11.2018 14:45
  • 1685

Мийнет дәптершеси бийкар етилсе усындай дәптерше менен жумыс ислеп атырғанлар не ислейди?

Мийнет дәптершеси бийкар етилсе усындай дәптерше менен жумыс ислеп атырғанлар не ислейди?
Өзбекстанда 2019-жылдан баслап бурынғы Аўқам ўақтынан берли қолланыўда болып киятырған және бир керексиз ҳүжжет жүргизиў әмелияты тоқтатылады. Қаржы министриниң орынбасары Дилшод Султонов журналистлер менен болған сәўбетлесиўде усы ҳаққында мәлим етти. Оның сөзлерине қарағанда, 2016-жылы басланған процесс келеси 2019-жылы даўам еттириледи, деп жазады Kun.uz.
«Мийнет дәптершелерин бийкар етемиз. Аўқам дәўиринен қалып қойған, ҳеш кимге керек болмаған нәрсе. 2016-жылы бул бойынша жумысларды басладық, 2019-жылы даўам еттиремиз. Президенттиң тапсырмасы тийкарында электрон базаға өтиледи. Қәлеген пуқара 5 жылдан кейин келип, паспорт номерин киргизсе, жумыс стажына байланыслы мағлыўматларды алады», - деп анықлық киргизди Қаржы министриниң орынбасары.
Оның анықлық киргизиўине қарағанда, мийнет жолын енди баслап атырғанлар ушын мийнет дәптершеси түсиниги болмайды. Оларға бул ҳүжжет жүргизилмейди. Буның нәтийжеси олар 2050-2055-жыллары пенсияға шығып атырғанда билинеди. Мийнет дәптершеси барлар болса, оны жүргизиўде даўам етеди.
«Алдынлары мийнет дәптершеңе стаж жазып беремен, деген гәплер болар еди. Енди бундай нәрселерге орын жоқ. Кимсиз, қай жерде ислегенсиз, қанша мүддет ислегенсиз, буның парқы болмайды. Пенсияға шығып атырғаныңызда, айлық мийнет ҳақыңыз нызамлы болған, салықларды ўақтында төлеген болсаңыз, соған жарасықлы пенсия аласыз. Сондай-ақ, қандайда бир шөлкемде ислеп атырғаны ямаса ислемейтуғынына байланыслы мағлыўматнама да талап етилмейди. Базадан барлық мағлыўматты алыў мүмкин болады», - деди Султонов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған