Telegram karinform

Спорт

  • 06.11.2018 17:01
  • 2103

Дүньядағы ең қымбат футболшылар ТОП-10

Дүньядағы ең қымбат футболшылар ТОП-10
Халықаралық спорт изертлеў орайы (CIES) дүньядағы ең қымбат футболшылардың рейтингин жәриялады.
Рейтингде «ПСЖ» футбол клубының ҳүжимшиси Килиан Мбаппе 1-орынды ийелеген. CIES 19 жаслы футболшыны дүньядағы ең қымбат футболшы сыпатында жәриялады. Трансферлик баҳасын 216,5 миллион евроға баҳалаған.
Дүньядағы ең қымбат футболшылар рейтингинде 2-орынды Харри Кейн ийелеген. «Тоттенхэм» футбол клубы қурамында ойнайтуғын инглис футболшысының трансферлик баҳасы 197,3 миллион евроны қурайды.
Ең қымбат футболшылар үшлигин Неймар жуўмақлаған. Өткен жылы бразилиялы футболшы рейтингде 1-орында еди. Басқа командалар бул футболшыны өз қурамына алыў ушын 197 евро сарплаўы керек.
CIES Football Observatory орайы ең қымбат футболшыларды арнаўлы алгоритм бойынша анықлаған. Ойыншының жасы, майдандағы орны, клуб ҳәм сайланды команда қурамында өткерген ойынлары ҳәм табыслары, ойнайтуғын чемпионатының дәрежеси баслы итибарға алынған.
Жаз мәўсиминде Туринниң «Ювентус» клубына өткен Криштиану Роналду бул рейтингде күшли ТОП-10 лыққа кирмеген. Ол өткен жылы усы рейтингде 7-орында болған еди.
Демек, дүньядағы ең қымбат футболшылардың ТОП-10 лығы менен танысың:
1. Килиан Мбаппе («ПСЖ») – 216,5 миллион евро
2. Харри Кейн («Тоттенхэм») – 197,3 миллион евро
3. Неймар («ПСЖ») – 197 миллион евро
4. Муҳаммед Салах («Ливерпуль») – 173 миллион евро
5. Филиппе Коутиньо («Барселона») – 171,3 миллион евро
6. Лионель Месси («Барселона») – 170,6 миллион евро
7. Рахим Стерлинг («Манчестер Сити») – 164,6 миллион евро
8. Ромелу Лукаку («Манчестер Юнайтед») – 164,3 миллион евро
9. Деле Алли («Тоттенхэм») – 163,4 миллион евро
10. Антуан Гризманн («Атлетико») – 157,7 миллион евро.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

    Жылдың ең әхмийетли ойлап табылыўлары қатарынан кирпикти өсиретуғын технология, еки марте бүкленетуғын Huawei смартфоны, «Онлайн-неке»