Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.11.2018 15:43
  • 1631

Судланғанлық ямаса судланбағанлыққа байланыслы мағлыўматларды алыў аңсатластырылды

Судланғанлық ямаса судланбағанлыққа байланыслы мағлыўматларды алыў аңсатластырылды
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 4-октябрь күни «Ишки ислер органлары тараўында мəмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң айрым ҳəкимшилик регламентлерин тастыйқлаў ҳаққында»ғы 797-санлы қарары қабыл етилди.
Бул қарар бойынша енди пуқараларымыз Судланғанлық (судланбағанлық) ҳаққындағы мағлыўматнамасын ҳəм мəнзил мағлыўматнамасын өзин-өзи басқарыў уйымларына яки республика орайларына барып жүрместен бир ўақыттың өзинде мəмлекетлик хызметлер орайларынан яки бирден-бир интерактив хызметлер порталында дизимнен өтип алыўы мүмкин.
Буның ушын арза бериўши мəмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки тең пайдаланыў ушын мəмлекетлик хызметлерден электрон көринисинде пайдаланыў ушын бирден-бир интерактив хызметлер порталында дизимнен өтеди.
Арза бериўши мəмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат еткен жағдайда мəмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси арза бериўшиниң атынан сораўнаманы электрон тәризде толтырады (Арза бериўшилердиң пуқаралығын тастыйқлаўшы ҳүжжети болыўы шəрт). Егер де үшинши шахс ушын ҳəрекет етип атырған болса сораўнамаға нотариал тастыйқланған исеним хаты усынылады. Сораўнама толтырылғаннан соң арза ийеси өзиниң электрон санлы имзасы менен тастыйқлайды. Мəмлекетлик хызмет көрсетилгени ушын ең кем мийнет ҳақысының 10 проценти муғдарында төлем өндириледи. Арза бергениңизден кейин судланғанлық (судланбағанлық) ҳаққындағы мағлыўматнаманы 2 (еки) жумыс күни даўамында, ал мəнзил мағлыўматнамасын 1 (бир) жумыс күни даўамында алыўыңызға болады.

Дилафруз Өтениязова,
Нөкис районы мəмлекетлик хызметлер орайы ҳужжетлерди қабыл етиў ҳəм усыныў бөлими баслығы.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған