Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.11.2018 18:08
  • 1483

Мектеплерде инглис тилин оқытыў реформаланыўы керек пе?

Мектеплерде инглис тилин оқытыў реформаланыўы керек пе?
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Британия Кеңесиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы халық билимлендириў системасында инглис тили оқытыўда реформаларды әмелге асырыўға таярлық көрмекте, деп жазады Gazeta.uz.
Реформалардан гөзленген мақсет, оқыў жобалары, тест алыў/баҳалаў, методология ҳәм материаллар арқалы билимлендириўдиң сапасын және де жақсылаў, муғаллимлердиң мийнет нәтийжелилигин арттырыў ушын шараятлар жаратыўдан ибарат.
3-12-нобярь күнлери Ташкентте халық билимлендириў системасында инглис тили оқытылыўында реформаларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа миллий командасының жыйналысы болып өтпекте. Муғаллимлер, тренерлер ҳәм Британия Кеңеси қәнигелеринен ибарат болған команда оқытыўды реформалаў бойынша әҳмийетли усынысларды ислеп шығыўы керек.
Команданы Британияның мектеплеринде инглис тилин оқытыў бойынша консультант, инглис тилин оқытыў ҳәм жаңа әўлад сабақлықларын жаратыў бойынша 25 жыллық тәжирийбеге ийе Венди Арнольд қоллап-қуўатламақта.
Консультант 2014-жылы Өзбекстан мектеплеринде оқытыў әмелиятын үйрениўдиң жуўмақлары бойынша өз усынысларын бергенин еслетип өтти. Сол гезде ол CEFR шет тиллерин билиў дәрежесиниң үлкен жастағыларға арналған версиясын, соның ишинде, А1 дәрежесин баслаўыш мектеплердиң 4-класс питкериўшилери ушын орнатылған тәлим стандартындағы балаларға арналған дәрежеге алмастырыўды усыныс еткен еди.
Сондай-ақ, Венди Арнольд 4-класты питкерген ўақытта емес, ал 6-класты питкергенде А1 дәрежеге, 7- емес, ал 9-класты питкергенде А2 дәрежесине ерисиў ҳақыйқатқа жақын деп есаплайды.
Өз усынысларын тийкарлар екен, консультант ElliE (Early English Learning in Europe) жойбарын үйрениў нәтийжелерин айтып өтти. Оған бола, Испания, Венгрия, Польша ҳәм басқа мәмлекетлерде баслаўыш мектеплерди питкериў бойынша орташа А1 дәрежеси (тек ғана аўызеки сөйлесиў ҳәм еситиў) көрсетилиўи, оқыўшылар көплеген телебағдарламалар ҳәм фильмлерди тамашалаў, кластан тыс ўақытларда сөйлесиў имканиятына ийе болған.
Венди Арнольд баслаўыш класлар муғаллимлери турақлы түрде Kids\' English оқыў комплекти және оқытыў методологиясын үйренип барыўы зәрүр екенлигин атап өтеди.
Миллий команда тәрепинен ислеп шығылған усыныслар Халық билимлендириў министрлигине усыныс етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында