Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.11.2018 12:30
  • 1454

18 жасқа толмаған өспиримлерге энергетикалық ишимликлер сатыўды қадаған етиў керек (пе?)

18 жасқа толмаған өспиримлерге энергетикалық ишимликлер сатыўды қадаған етиў керек (пе?)
Депутатлар жас өспиримлерге энергетикалық ишимлик сатқан шахсларды жәрийма тәризинде жазалаўды усыныс етпекте. Бул мәселе Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Парламент төменги палатасының фракциясы жыйналысында Нызамшылық палатасы мәжилиси додалаўына киргизилиўи жобаластырылып атырған бир неше жойбарлар додаланыўында көрип шығылды.
«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине энергетикалық ишимликлерди 18 жасқа толмаған шахсларға реализациялаў – пуқараларға ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 7 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма белгилеўге себепши болады», - деп жазады партия баспасөз хызмети.
Еслетип өтемиз, «Азық-аўқат өниминиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамда энергетикалық ишимликлер түсинигине анықлық киргизилген. Сондай-ақ, «Реклама ҳаққында»ғы нызамда бундай ишимликлерди пайдаланыўдың зыяны, усыныс етилмейтуғын шахслар ҳаққындағы мәлимлеме болыўы кереклиги, сондай-ақ, телевидение ҳәм радио арқалы реклама етиў ўақытлары анық белгилеп қойылған. Балалар ҳәм жас өсипиримлер ушын арналған басылымларда, сондай-ақ, медицина, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде энергетикалық ишимликлерди реклама етиў қадаған етилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...