Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.11.2018 14:24
  • 1262

НМПИ мәлимлеме-ресурс орайы директоры Туркияда өткерилген «Erasmus + Contact» семинарына қатнасып қайтты

НМПИ мәлимлеме-ресурс орайы директоры Туркияда өткерилген «Erasmus + Contact» семинарына қатнасып қайтты
Усы жылдың 8-9-октябрь күнлери Туркияның Стамбул қаласында «Erasmus + Contact» атамасында халықаралық семинар болып өтти.
Семинарға Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары оқыў орынлары, илимий шөлкемлер ҳәм орайлар, сондай-ақ, Erasmus + миллий офислериниң жуўапкер шахслары, жойбарлардың координаторлары қатнасты.
Семинарға Қарақалпақстаннан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инситуты мәлимлеме-ресурс орайы директоры Яқыпбек Генжемуратов та қатнасты.
НМПИ мәлимлеме-ресурс орайы директоры Туркияда өткерилген «Erasmus + Contact» семинарына қатнасып қайтты
- Семинарда тийкарынан Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде Erasmus + жойбарлар таңлаўында жеңимпазлықты қолға киргизген қәнигелер, жойбар координаторлары қатнасты. Мен де Өзбекстан көлеминде өткерилген жойбарлар таңлаўында өзимниң имканияты шекленген шахсларды жоқары оқыў орынларында оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша таярлаған жойбарым менен таңлаўға қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын алдым. Өзбекстаннан жеңимпаз болған 20 ға шамалас қатнасыўшы Туркияның Стамбул қаласында өткерилген Erasmus + Contact семинарына қатнасып қайттық, - дейди Яқыпбек Генжемуратов.
Семинарда Европа Аўқамының 28 мәмлекети ҳәм Исландия, Лихтенштейн, Норвегия, Македония, Сербия ҳәм Туркия Республикасы менен Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша алдағы жобалар, жаңа жойбарларды жаратыў ҳәм жаңа шериклик орнатыў сыяқлы мәселелер додаланды.
Еки күн даўам еткен семинарда Туркия Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары Фарук Каймакчи ҳәм Европа Комиссиясының Билимлендириў, жаслар мәселелери, спорт ҳәм мәденият тараўлары бойынша ағзасы Камила Патрикалар қатнасып, «Erasmus + 2019» жеңимпазларына қойылатуғын талаплар, жойбарларды әмелге асырыў механизмлери бойынша кең түсиник берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл