11-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Қуўнақлар ҳәм зийрек» таңлаўының факультетлер аралық басқышы болып өтти.
Оған институттың 8 факультетинен төмендеги командалар қатнасты:
Тарийх-география факультети «Ўа-ҳа-ҳа» командасы;
Филология факультети «Шапалақ» командасы;
Химия-биология факультети «Тәбийғый органавтлар» командасы;
Математика-информатика факультети «Мат-инфо» командасы;
Педагогика факультети «Дембермес» командасы;
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети «Баслаўыш жулдызлары» командасы;
Физика-мийнет факультети «Energy» командасы;
Шет тиллери факультети «Лидер» командасы.
Таңлаў «Болар бала бес жасынан…» атамасындағы сәлемнама, «Еситиўимизге қарағанда…» атамасындағы биатлон, «Студентлик – алтын дәўир» атамасындағы студентлер театр-эксперименталлық миниатюрасы ҳәм «Қосық етип айтсам…» атамасындағы музыкалық шәртлерден ибарат болды.
Студентлер таңлаў шәртлери тийкарында өзлериниң қәбилетин, зийреклигин ҳәм сахналық мәдениятын көрсете алды.
Таңлаў шәртлери бойынша студентлердиң шығыўлары 5 ҳәм 6 баллық системада баҳалап барылды. Оларды баҳалаў ушын мәденият тараўы хызметкерлери ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық және Нөкис қалалық Кеңеслеринен қәнигелер мирәт етилди.
Таңлаў жуўмағына бола, математика-информатика факультети «Мат-инфо» командасы 1-орын, шет тиллери факультети «Лидер» командасы 2-орын, химия-биология факультети «Тәбийғый органавтлар» командасы ҳәм тарийх-география факультети «Ўа-ҳа-ҳа» командасы 3-орын жеңимпазы болды.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен таярланған диплом және қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz