Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.11.2018 11:06
  • 1663

Жеке меншик медициналық мәкемелери кимлерге бийпул медициналық хызмет көрсетеди?

Жеке меншик медициналық мәкемелери кимлерге бийпул медициналық хызмет көрсетеди?
Өзбекстанда жеке меншик медициналық мәкемелери тәрепинен (стоматологиялық ҳәм кометологиялық хызмет көрсетиўши мәкемелер буған кирмейди) айрым шахсларға бийпул медициналық хызметлер көрсетиледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Хабарда жазылыўынша, олар төмендегилер:
- өзгелердиң ғамқорлығына мүтәж болған жалғыз баслы кекселер ҳәм жалғыз жасайтуғын қарыялар;
- I ҳәм II топар майыплары, майып балалар;
- қарым-қатнасқа жарамсыз ҳәм қарым-қатнас қәбилети шекленген пуқаралар;
- социаллық көрсеткишке ийе кеселликлерге шалынған шахслар;
- жетим балалар ҳәм ата-анасының ғамқорлығынан айрылған балалар;
- 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар;
- 1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде фронт артында мийнет еткенлер.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған