Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.08.2017 13:37
  • 2072

Аўыр көрпе жақсы уйқлаўға жәрдем береди



Америкада алып барылған изертлеў нәтийжеси бойынша, жеңил көрпеге қарағанда аўыр көрпелер адамның жақсы уйқлаўына көмеклеседи екен. Жеңил салмақтағы көрпе адамды уйқы ўақтында тынышсызландырады. Ал аўыр салмақлы көрпелер болса буның керисиншеси. Бул көпшилик адамлар арасында алып барылған изертлеўге бола анықланған. Уйқлаған ўақытта аўыр салмақтағы көрпе жамылып жатсаңыз, массаж ислетип атырғандай сезим пайда болады. Буннан денеңиз босасып, денеге рәҳәт береди. Илимпазлардың айтыўынша, бул жағдай баланың өз анасы қушағында жатыўы менен тең екен. Сондай-ақ, бундай көрпе адам организминде депрессия, қорқыныш, агрессия сыяқлы жағдайларды болдырмайтуғын серотинниң артыўын тәмийинлейди. Көрпениң аўыр ямаса жеңил болыўы адамның өзиниң салмағына да байланыслы.

Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал