Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.11.2018 17:56
  • 1712

Арал өли теңизге айланды ма? Аралға 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирген россиялы алым жуўап берди

Арал өли теңизге айланды ма? Аралға 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирген россиялы алым жуўап берди
Ҳәзирги ўақытта Арал теңизиниң Қарақалпақстан аймағындағы сақланып қалған шығыс ҳәм батыс бөлеклеринде суўдың дузлылық муғдары 120-160 грамм/литрди қурайды. Бундай шорлылық дәрежесинде көпшилик теңиз тиришиликлери қырылып кетеди. Бирақ, бул Арал теңизи өли теңизге айланды, дегенди аңлатпайды. Ҳәзирги ўақытта теңиздиң сақланып қалған суўында сағақ аяқлы шаянлар – артемиялар ҳәм олардың цисталары, фитопланктонлар ҳәм бентос сыяқлы тиришилик түрлери ушырасады. Бул ҳаққында 28-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Қубла Арал бойы биологиялық ҳәр түрлилигин сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаўдың экологиялық мәселелери» атамасындағы илимий-теориялық конференцияда баянат жасаған россиялы илимпаз П.О.Завьялов атап өтти.
Арал өли теңизге айланды ма? Аралға 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирген россиялы алым жуўап берди
Россия Илимлер Академиясының профессоры ҳәм хабаршы-ағзасы, география илимлериниң докторы, П.П.Ширшов атындағы Океанология институты директорының орынбасары П.Завьялов Арал теңизи бойынша дүньяға белгили экспертлердиң бири болып, оның басшылығында теңиздиң Қазақстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары аймағына 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирилген. Экспедициялар даўамында теңиз суўының дузылық дәрежеси, циркульяциясы, биологиялық көп түрлилиги терең анализленген.
Арал өли теңизге айланды ма? Аралға 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирген россиялы алым жуўап берди
Конференцияда россиялы илимпаз ақырғы 20 жыллық дәўирде Арал теңизи суўларының гидрологиялық характеристикасы бойынша баянат жасады.
Арал өли теңизге айланды ма? Аралға 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирген россиялы алым жуўап берди
Конференция шеңберинде институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм Россия Илимлер Академиясы арасында Арал теңизиниң қурыған ултанына әмелге асырылатуғын келеси экспедицияларды биргеликте шөлкемлестириў, оған институттың профессор-оқытыўшыларын ҳәм жас илим изертлеўшилерин тартыў ҳәм илимий монографиялар, оқыўлық қолланбалар жазыў бойынша еки тәреплеме бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған