Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.12.2018 15:01
  • 1031

Ана тилиме

Ана тилиме
Ана тилим арым менен намысым,
Қуўандырар сениң аз-кем табысың,
Даңқың ушын беккем қысып тақымды,
Баратырман журт пенен ат шабысып.

Сениң ушын мың азапқа тайынман,
Сен арқалы қәлем тербер шайырман,
Ана тилим Зуҳра болсаң егер де,
Ышқыңда бир күйип жанған Тайырман.

Еситкенмен узақ жолды басқаның,
Бәлент-бәлент асқар таўдан асқаның,
Заманында Әжинияз, Бердақлар,
Илми мағрифаттың нурын шашқанын.

Ана тилим мудам сени қорғайман,
Өзге тилге ҳасла сени бурмайман,
Жаңа заман қарсаңында тоңласаң,
Прометейдей тәңриден от урлайман.

Алдымда тур ўазыйпалар бир қанша,
Көз илгитпей жазайын таң атқанша,
Өмирим бойы сени жырлап өтемен,
Көкирегимде соңғы демим қалғанша.

Мийирман Дәрибаев,
НМПИ филология факультети студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

ТИЛ – МИЛЛЕТТИҢ МӘНАЎИЙ ҒӘЗИЙНЕСИ, ҚӘДИРИЯТЛАР НЕГИЗИ

ТИЛ – МИЛЛЕТТИҢ МӘНАЎИЙ ҒӘЗИЙНЕСИ, ҚӘДИРИЯТЛАР НЕГИЗИ

Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң отыз бир жыллығына бағышланадыДүнья жаралғанлы бери инсаният бүгинги күнге шекем...

НМПИде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн байрамына арнап конференция ҳәм концерт шөлкемлестирилди

НМПИде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн байрамына арнап конференция ҳәм концерт шөлкемлестирилди

1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни. 1989-жылы әйне усы сәнеде ана тилимиз –...