Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2018 11:11
  • 995

Әл-Беруний медресесинде Мәўлид байрамы мүнәсибети менен «Ҳәдис» ҳәм «Сийрат» бойынша жарыс өткерилди

Әл-Беруний медресесинде Мәўлид байрамы мүнәсибети менен «Ҳәдис» ҳәм «Сийрат» бойынша жарыс өткерилди
2018-жылы 1-декабрь күни Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам оқыў орнында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның маўлиди-шәрийплери мүнәсибети менен оқыў орны талабалары арасында «Ҳәдис» ҳәм «Сийрат» бойынша жарыс өткерилди. Бул ҳаққында Paziylet.uz хабар бермекте.
Жарыс Қураны кәрим тиләўаты менен басланды. Жарысты билим журты директоры Ш.Бауатдинов кирис сөз менен ашты ҳәм Пайғамбарымызды жақсы көриў динимиздеги ўәжиб әмеллерден екенлиги, бул бойынша ески дәреклерде жетерли мағлыўматлар бар екенлиги, Ол уллы тулғаның сүннетлери ҳәм ҳәдислерин үйрениў ҳәзирги дәўирде қаншелли әҳмийетли ўазыйпаларымыздан екенлиги, бул бағдарда мәмлекетимизде жүргизилип атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар ҳаққында ҳәм жақында ашылған ҳәдис мектеби ҳәм бул мектептиң әҳмийети туўралы кең түрде пикир билдирди. Келешекте бул дәргайдан да уллы бабаларымыз Имәм Бухарий, Имәм Термизийдей уллы уламалар жетилисип шығыўына үмит билдирди ҳәм талабаларды бул бағдарда терең билим алып, өз үстилеринде ислеў кереклигин уқтырды. Сөзиниң ақырында жарыс ақырында беллесиў қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Жарыс билим журты оқытыўшылары менен биргеликте Ташкент ислам институтының әмелиятшы талабалары менен биргеликте шөлкемлестирилди. Жарыста билим журты 2-3-4-курс талабаларынан ҳәр биринен 4 талаба сайлап алынды ҳәм өз билимлерин сынаўдан өткерди.
Талабалардың билимлерин баҳалаў ушын билим журты оқытыўшылары тәрепинен төрешилер қурамы дүзилип, әдиллик пенен баҳаланып барылды.
«Ҳәдис» ҳәм «Сийрат» бойынша өткерилген жарысқа билим журтында билим алып атырған 1-4-курс талабалары топар болып қатнасты.
Жарыс жуўмағында «Ҳәдис» жөнелиси бойынша:
1-орынды 4-курс талабалары, 2-орынды 3-курс талабалары ҳәм 3-орынды 2-курс талабалары;
«Сийрат» жөнелиси бойынша:
1-орынды 4-курс талабалары, 2-орынды 3-курс талабалары ҳәм 3-орынды 2-курс талабалары қолға киргизди.
Әл-Беруний медресесинде Мәўлид байрамы мүнәсибети менен «Ҳәдис» ҳәм «Сийрат» бойынша жарыс өткерилди
Жарыс даўамында талабаларға блиц сораўлар берилди. Сондай-ақ, талабалар тәрепинен Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайиссаламға хат, салаўат ҳәм нашидалар айтылып, беллесиўдиң жоқары дәрежеде өткерилиўине имканият жаратылды. Жеңимпазларға билим журты тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған