Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2018 11:30
  • 1157

Ҳаял-қызлардың жумыс ўақтын 16:00 ге шекем қысқартыў керек пе? Нәтийже қандай болады?

Ҳаял-қызлардың жумыс ўақтын 16:00 ге шекем қысқартыў керек пе? Нәтийже қандай болады?
Өзбекстанда әмелдеги нызамлар бала тәрбиясының биринши басқыш дәўири жуўапкершилигин шаңараққа жүклеген, бирақ бүгин шаңарақтың уйытқысы есапланған ҳаял-қызлардың салмақлы бөлеги белсенди, мийнет шәртнамасы тийкарында кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислейди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Алишер Қодиров бул ҳаққында өз пикирлерин билдирген, деп жазады Daryo.uz.
Депутаттың билдириўинше, олар жумыс ўақты жуўмақланбай турып шаңарағына қайта алмайды. Шаңарақта ананың болмаўы шаңарақ үстинине кери тәсир етеди. Балалар мектептен қайтып, оларға «саўға етилген» еркинликтен билгенинше пайдаланады.
Әкеси менен дерлик бир ўақытта келген ана да дем алыўға ҳақылы. Қатнасықлардың бузылыўы әсте-ақырын шаңарақтың бузылыўына алып келеди. Тилекке қарсы, усы жағдай 55 процент шаңарақлардың бузылыўына себепши болмақта.
Алишер Қодиров жоқарыдағы фундаментал машқаланы сапластырыў ушын елимизде ҳаял-қызлардың мийнет етиў хызметин белгилейтуғын нормаларға өзгерис киргизиў зәрүрлигин билдирмекте. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың жумыс ўақты саат 16:00 де жуўмақланыўы керек. Сонда ҳаял-қызлар перзентлери ҳәм өмирлик жолдасы ушын ўақыт ажыратады. Бул болса шаңарақтағы ерли-зайыплы, ана-бала қатнасықларында унамлы орталықты пайда етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында