Telegram karinform

Экономика

  • 12.12.2018 11:44
  • 1561

Өзбекстан бойынша ең арзан макарон, ең қымбат картошка Нөкис дийқан базарында

Өзбекстан бойынша ең арзан макарон, ең қымбат картошка Нөкис дийқан базарында
Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы Өзбекстан базарларындағы баҳаларды үйрениўди даўам еттирмекте, деп жазады Uz24 сайты.
Мағлыўматта келтирилиўинше, ең арзан макарон, мал гөши ҳәм ең қымбат картошка ҳәм помидор Нөкис дийқан базарында екенлиги анықланған.
2018-жылдың 10-декабрь ҳалаты бойынша Өзбекстан көлеминде макарон 2500 сумнан 6000 сумға шекем сатылып атырған болып, ең арзан баҳа Нөкис дийқан базарында 2500 сумнан 3000 сумға шекем, ал ең қымбат баҳа Бухара қаласындағы Орайлық дийқан базарында 4000 сумнан 6000 сумға шекем сатылмақта.
Өзбекстан бойынша мал гөшиниң бир килограмын 26000 сумнан 40000 сумға шекем сатып алыў мүмкин болып, бул бойынша ең арзан баҳа Нөкис дийқан базарында 26000 сумнан 40000 сумға шекем, ал Ташкент орайлық базарларында 28000 мыңнан 38000 сумға шекем сатып алыў мүмкин.
Картошканың ең арзаны Ташкент қаласындағы Чорсу дийқан базарында 1100 сумнан 2000 сумға шекем, ал ең қымбаты болса Нөкис қаласындағы дийқан базарында 2000 сумнан 3000 сумға шекем сатылмақта.
Сондай-ақ, помидордың ең арзан баҳасы Ташкенттеги Юнусабад дийқан базарында 3000 сумнан 5000 сумға шекем сатылып атырған болса, ең қымбаты Нөкис дийқан базарында 5000 сумнан 11000 сумға шекемги муғдарда сатылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде