
«Ўзбекистон темир йўллари» АЖ республика ишинде темир жол билетлерине байрам шегирмелерин жәриялады.
Сондай-ақ, 2018-жыл 30-декабрьден 2019-жыл 3-январьға шекемги аралықта қосымша қатнаўлар енгизиледи.
Шегирмелер төмендеги шахсларға бериледи:
- Пенсионерлер, майыплығы болғанлар, 1941-1945-жыл урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар ушын (мағлыўматнама, гүўалық көрсетилген жағдайда) – 50%;
- Жоқары оқыў орны студентлерине (гүўалық көрсетилген жағдайда) – 50%;
- Шаңарақлық (еки ямаса оннан аслам адам – ерли-зайыплы, ерли-зайыплы ҳәм 18 жасқа толмаған перзентлери, 18 жасқа толмаған әкеси ямаса анасы менен бирге болғанда) неке гүўалығы ҳәм ағайин-туўысқанлықты белгилейтуғын ҳүжжетлер нусқасы көрсетилген жағдайда – 30%;
- Жәмәәт болып саяхатқа шыққан кәрхана ҳәм шөлкемлер хызметкерлерине (4 адам ҳәм оннан аслам буйыртпа), мектеп, колледж ҳәм лицей оқыўшыларына – 20%.
Байрам қарсаңында ҳәм байрам күнлери имканияты шекленген шахслар және жәмәәт болып саяхатқа шыққан кәрхана ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери ушын айрықша билет сатыў орынлары хызмет көрсетеди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


