
Қосықшы Нилуфар Усманованың 5 айлық қызы Саъдия өзиниң «актрисалық искерлигин» баслады. Ол медициналық мәкемелердиң бириниң рекламасы ушын сүўретке түсти. Бул баннерде Саъдияның аты, фамилиясы ҳәм жасы да көрсетилген, деп хабар берди darakchi.uz.

«Көпшилик бул сүўретти интернет тармақларынан алынған, деп ойлап атырған екен. Бирақ, ол мениң қызым. Ол әкесине еки тамшы суўдай уқсайды», деп келтирип өткен оның анасы Нилуфар Усманова.