
Фейсбук социаллық тармағының турақлы ҳәм белсенди пайдаланыўшыларының бири Karakalpak Show «Қарақалпақстан» телевидениесиндеги «Хабар» бағдарламасын сынға алды. Оның пикирлерин социаллық тармақтың басқа да пайдаланыўшылары қоллап-қуўатлаған.
«Қарақалпақстан» телевидениесиниң «Хабар» көрсетиўине ҳайран қаламанда. Көрсетиўдиң мақсети жаңалық тарқатыў. Бирақ, кешеги күнниң жаңалығын айтады. Өзи Нөкис кишкене қала болса, адамлар ол жаңалықты әлле қашан еситкен болады. ХXI әсир мәлимлеме технологиялар дәўиринде жасап атырған бир пайытта бизлер жаңалықты бир күннен соң еситемиз. Буған сизиң пикириңиз кандай?» деп социаллық тармақ пайдаланыўшыларына сораў менен мүрәжәәт еткен.
Оған жуўап ретинде социаллық тармақ пайдаланыўшылары «жаңа канал ашылса жақсы болар еди. Идеяларымыз көп, еситетуғын канал жоқ», деген пикирлерди билдирип өткен.