Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.12.2018 15:52
  • 1848

НМПИдиң «Туран» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы финалында! Финал ойыны қашан болып өтеди?

НМПИдиң «Туран» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы финалында! Финал ойыны қашан болып өтеди?
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте Өзбекстан Республикасының барлық жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Қуўнақлар ҳәм зийрек» таңлаўы ҳәр жылы өткерилип келинбекте.
Алдын хабар бергенимиздей, таңлаўдың шерек финал басқышында ең жоқары балл менен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы ярым финалға жол алған еди.
НМПИдиң «Туран» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы финалында! Финал ойыны қашан болып өтеди?

Ярым финал басқышында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының «Тарғибот», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Agrolife» ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң «Болалар» командалары менен финал басқышына жоллама алыў ушын өзлериниң қәбилетлерин көрсете алған институт студентлери «Тарғибот» командасы менен бирге финал жолламасына ийе болды. «Тарғибот» 11,6 балл менен, ал «Туран» 11,5 балл менен финалға жол алды.
НМПИдиң «Туран» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы финалында! Финал ойыны қашан болып өтеди?

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы финал басқышында Ташкент мәмлекетлик аграр университети Әндижан филиалының «Оғалар», Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының «Тарғибот», Ташкент финанс институтының «Молиячи», Ташкент информатициялық технологиялар университетиниң «Позитив», Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң «Янги юлдузлар» командалары менен беллеседи.
Финал басқышы 18-декабрь күни саат 18:00 де «Халқлар дўстлиги» сарайында болып өтеди.
Финал басқышында «Туран» командасын қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында