Telegram karinform

Спорт

  • 19.12.2018 10:33
  • 1685

Мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде гимнастика саатлары ҳәм «Саламатлық күни» өткериледи

Мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде гимнастика саатлары ҳәм «Саламатлық күни» өткериледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасын, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың физикалық жақтан белсендилик дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Президент қарарына муўапық, мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде:
- жумыс күни даўамында өндирислик гимнастикасы шынығыўлары;
- ҳәптесине кеминде бир мәрте хызметкерлердиң дене тәрбиясы – ғалабалық илажларда (жүгириў, жүзиў, футбол, волейбол, баскетбол, теннис ҳәм басқаларда) қатнасыўды нәзерде тутатуғын «Саламатлық күни»;
- турақлы түрде хызметкерлер арасында ғалабаласқан спорт түрлери бойынша спорт жарыслары ҳәм басқа дене тәрбиясы – ғалабалық илажлар өткерилип барылыўы әмелиятқа енгизиледи.
Мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерди технология, өндирис ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерине өндирислик гимнастикасы шынығыўларын атқарыў ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы дем алыс ўақытлары белгиленеди.
Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги:
А) мәпдар министрлик ҳәм ведомостволар менен биргеликте еки айлық мүддетте:
- өндирислик гимнастикасының үлги шынығыўлар комплексин;
- транспорта қатнаў тәрепинен қолайлығы ҳәм аралықты есапқа алған ҳалда кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер хызметкерилерине шуғылланыў ушын усыныс етилетуғын спорт имаратлары дизимин ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды;
Б) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-апрелине шекем район (қалалар) бойынша зоналарға бөлип және жумыс хызметиниң анықламалары, шынығыўлардың баҳасы, жумыс ўақты ҳәм басқа мағлыўматларды келтирип өткен ҳалда спорт имаратларының бирден бир базасы жаратылады және Интернет тармағына жайластырылыўын тәмийинлейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко