Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.12.2018 11:06
  • 1277

Жәмийетлик орынларда алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланғаны ушын жуўапкершилик күшейтиледи

Жәмийетлик орынларда алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланғаны ушын жуўапкершилик күшейтиледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасын, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың физикалық жақтан белсендилик дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Қарарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жылдың 1-декабрине шекем кең шеңберде өткерилетуғын жәмийетшилик додалаўлары нәтийжесинде алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң пайдаланылыўын шеклеў бойынша, сондай-ақ, төмендегилерди өз ишине алатуғын қосымша илажларды қабыл етиўи белгиленбекте:
- Алкоголь өними ыдысының ярлигинде және темеки өниминиң қутысында (орамында) медициналық ескертиўлерди орналастырыў ушын тийкарғы майдан өлшемин кеңейтиў;
- Темеки өними қутысында (орамында) текстли жазыў ҳәм сүўрет тәризиндеги медициналық ескертиўлерди орналастырыў;
- Алкоголь ҳәм темеки өнимлери саўдасы қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен қадағалаў жүргизетуғын органларды және усындай қадағалаўды жүргизиўдиң механизмлерин анықластырыў;
- Жәмийетлик орынлар ҳәм транспорттың белгиленбеген жерлеринде алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў;
- Жәмийетлик орынлар ҳәм транспорттың белгиленбеген жерлеринде алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланыўды шеклеў мақсетинде ўәкилликли шахслар тәрепинен (кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң администрациялары, соның ишинде, жәмийетлик орынларда жайласқан имаратлар), басқа объектлер және транспорт қуралларының ийелери) шаралар көрилмегени ушын жуўапкершиликти белгилеў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған