Усы жылдың 19-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң «Журтым жамалы» атамасындағы биринши есап бериў концерти болып өтти.
Халқымыздың руўхый дәрежесин арттырыў, өсип киятырған әўладты музыкалық-эстетикалық жақтан тәрбиялаў системасын жетилистириў ҳәм миллий, академиялық және заманагөй көркем өнерди үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилген еди.
Филармонияның Қарақалпақстан Республикалық бөлими қурамына «Әмиў толқыны», «Гүлзар», «Айқулаш жулдызлары» ансамбльлери ҳәм Өзбекстан көркем өнер дөретиўши жәмәәтлери бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикалық жәмәәти киреди.
Есап бериў концертинде филармонияның халық сазлары оркестри, «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли, көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған қосық ҳәм аяқ-ойынлар жыйналғанлар кеўлине көтериңкилик бағышлады.
Концертте Х.Дәўлетназаров сөзине, А.Пахратдинов намасына «Қызыл қумлы далаларым» ҳәм А.Өтениязова сөзине, А.Пахратдинов намасына «Ўатаным бар – бахтым бар» қосықлары биринши мәрте атқарылды.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген сүўретлери.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz