Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.12.2018 16:04
  • 1657

Жеке меншик шөлкемлердиң қорғаў хызметлери менен шуғылланыўына рухсат бериледи


Өзбекстанда және жеке меншик қорғаў агентликлери пайда болады. Бул Президент қарары менен тастыйықланған, 2019-жылы Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў бойынша «Жол картасы»нда нәзерде тутылған.
Жеке меншик қорғаў агентликлери 2014-жылдың 1-февралына шекем Өзбекстанда хызмет етип келген – соннан берли тек ғана Ишки ислер министрлиги жанындағы «Қорғаў» бирлеспеси қорғаў хызмети менен шуғылланады, ол шәртнама тийкарында компанияларға хызмет көрсетеди.
«Жол картасы»нда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў бойынша төмендеги илажлардың әмелге асырылыўы белгиленген:
- қорғаў хызмети менен шуғылланыўды және де жетилистириў бойынша илажлар көриў, атап айтқанда, мәмлекетлик емес шөлкемлерге қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша қорғаў хызметине ҳәм хызметлер көрсетиўге рухсат бериў;
- ишки ислер органларының жол-патруль бөлимшелери хызметкерлери ушын мобиль видеокамералар және ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы жумысларды рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыўдың электрон системасы планшетлерин сатып алыў;
- алкогольдан өткир мәслик жағдайында болып, өзиниң ҳәрекетлери менен ҳуқық-тәртипке қәўип туўдыратуғын шахсларды ўақытша изоляциялаў ҳәм реабилитациялаў ушын ҳәр бир районлық (қалалық) денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде айрықша бөлмелер ажыратыў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған