Президентимиз Мүрәжатта пенсия ҳәм напақаларды тайынлаў және төлеў тәртибин қайта көрип шығыў, пенсия системасын түпкиликли реформалаў зәрүрлигин айтты.
Жақында усы мәселе бойынша Президент пәрманы қабыл етилди. Оған муўапық, 2019-жыл 1-январьдан баслап жумыс ислейтуғын барлық пенсионерлерге пенсиялар толық муғдарда төлениўи белгиленди.
«Пенсияны есаплаў ушын мийнет ҳақының максимал муғдарын ең кем айлық мийнет ҳақының 8 есесинен 10 есесине шекем көбейтиў бойынша жаңа система енгизилмекте. Реформалардың кейинги басқышында бул шеклеўлер пүткиллей бийкар етиледи», - деди Шавкат Мирзиёев.
Сондай-ақ, елимиз басшысы Парламентке Мүрәжатында ҳәзирги ўақытта майыплығы болған балалар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, он алты жасқа шекемги дәўирдеги бағыўшысынан айрылғанларды социаллық қорғаў мәселеси бәрқулла итибарымызда турыўы керек, өмирин майып перзентине қараў, оны тәрбиялаўға бағышлаған аналар ушын айрықша социаллық напақа түрин енгиземиз, деп атап өтти.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz