Витаминлер ямаса витаминлерге бай болған тағамларды тез-тезден жеп жүрсеңиз де, гейде иммунитетиңиз әззилеп кететуғын жағдайлар да болады. Не ушын бундай болады, деп ойлап көрдиңиз бе?
1. Уйқыңыз қанбаса: Сиз уйқлап атырғаныңызда иммун системаңыздың бактерия ҳәм вирусларға қарсы гүресетуғын бөлеги иске қосылады. Егер уйқыңыз қанбаса, бул система әззилейди. Иммун системаңыз жақсы жумыс ислеўин қәлесеңиз, күнине 7-8 сааттан кем уйқламаң.
2. Отырып жумыс ислейтуғын болсаңыз: Физикалық ҳәрекеттиң кем болыўы иммунитетти төменлетеди. Әсиресе, күн даўамында отырып жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң иммун системасы әззи болады. Спорт пенен шуғылланбайтуғын адамлар спорт пенен шуғылланатуғынларға салыстырғанда 42% узақ аўырады. Күнине бирнеше шынығыў ислеўди әдет етиң.
3. Жалғызлық: Сиз ўақтыңызды узақ ўақытлы жалғызлықта өткерсеңиз, организмиңиздеги норадреналин гормонының муғдары көбейеди. Бундай жағдайда ол иммун системаңызға зыян тийгизеди.
4. Шокка түсиў: Егер шокка түсип, оннан шыға алмай жүрсеңиз, сизиң иммун системаңыз сиз бенен бирге әззиленеди. Шокка түскенде адамлардың кеселлик жуқтырып алыўы артады.
5. Майлы тағамлар: Күнделикли аўқатлық затларыңыз арасында майлы тағамлардың болмағаны жақсы. Ол сизиң иммунитетиңизди төменлетип, кеселлик пайда етеди.
6. Спиртли ишимликлер: Спиртли ишимликлерди тез-тезден ишиў ақ қан дәнешелериниң искерлигин төменлетип, вирус ҳәм бактериялар менен гүресиўге кери тәсирин тийгизеди.
7. Жақынларыңыздың әззи иммунитети: Адамлар узақ ўақты бирге жасаса, олардың иммун системасы да бирдей дәрежеде болады. Буны үйде бирге ислейтуғын ислериңиз бенен байланыстырыў мүмкин. Мәселен: аўқатланыў, кийиниў, өзине қараў. Егер жақынларыңыздың иммунитети төмен екенлигин сезсеңиз, күнделикли әдетлериңизди жақсы үйренип шығыўыңыз керек.
8. Антибиотиклер: Антибиотиклерди тек ғана зәрүр болғанда пайдаланыў керек. Олар сизиң иммун системаңыз ҳәм бактериялар арасындағы байланысты бузады. Сол себепли, антибиотиклер кеселлик пенен оператив түрде гүресиўде жақсы нәтийже береди. Бирақ, антибиотиклер иммун системаны әззилетеди.
Ислам Матеков.