Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжаты алдағы ўазыйпалар ҳәм мақсетлерди әмелге асырыўда баслы қолланба болып табылады. Соннан келип шығып, мәмлекетимиз басшысы быйылғы жылдан Мүрәжатта көрсетип өтилген ҳәр бир баслы бағдар бойынша орынланған жумыслар ҳаққында жоқары ўәкилликли органларда есапларды еситиў әмелиятын енгизиў зәрүрлигин атап өтти.
«Биз жаңа жылдан баслап сиясий турмысымызда жаңа бир әмелиятты енгиземиз. Кирип киятырған жылдың баслы ҳүжжети есапланған Мүрәжатта баян етилген ҳәр бир баслы бағдар бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Бас министр ҳүкимет ағзалары менен бирге Сенат ҳәм Нызамшылық палатасы алдында ҳәр айда есап берип барады», - деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз, сондай-ақ, бул процести ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәриялаў, усылайынша пуқаралар Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша алып барылып атырған жумыслардан хабардарлығын тәмийинлеў имканияты жаратылыўын айтып өтти.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz