Telegram karinform

Сиясат

  • 04.01.2019 10:42
  • 1787

«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының жойбары кең жәмийетшилик додалаўына қойылды


«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының жойбарын еле де жетилистириў және пуқаралар менен мәсләҳәтлесе отырып ислеп шығыў мақсетинде кең жәмийетшилик додалаўына қойылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
2019-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбары 249 бәнттен ибарат болып, Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл 28-декабрь күни Олий Мажлиске усыныс еткен мүрәжатында белгилеп берилген тийкарғы идея ҳәм усыныслары және 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды есапқа ала отырып ислеп шығылды.
Сондай-ақ, жәмийетшилик додалаўлары шеңберинде пуқаралар, халықаралық экспертлер, тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиң қәнигелери, бизнес шеңбер және пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары ўәкиллери қатнасыўында дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлери, пикир-таласлар, ашық сөйлесиўлер өткерилиўи де жобаластырылған.
Додалаўлар даўамында келип түскен барлық пикир ҳәм усыныслар нәтийжесинде Мәмлекетлик бағдарламасының жойбары және де жетилистириледи.
«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының жойбары жәмийетшилик додалаўлары 2019-жылдың 15-январына шекем өткерилиўи жобаластырылған.
Еслетип өтемиз, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы», «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламалары да пуқаралар менен мәсләҳәтлесип, пикир ҳәм усынысларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он