Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.01.2019 15:29
  • 1893

Автомобиль басқарыў ушын берилетуғын «доверенность» бийкарланатуғын болды ма?


«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын ағайинлер ушын исеним хатын (халық тилинде «доверенность») алыў системасын бийкарлаў ҳаққындағы петиция 13 мыңнан аслам даўыс алды.
Жәмийетлик мүрәжат авторы бир үйде жасайтуғын әкели-балалы, ағалы-инили бир-бириниң автомобилин исеним хатысыз басқара алмайтуғынлығын айтып өткен. Сондай-ақ, бундай исеним хатын алыў ушын көп ўақыт ҳәм шаңарақлық бюджеттен қаржы сарплаў зәрүрлигин айтып өткен.
«1990-жылларда машина урлаў менен байланыслы болған ўақыялар көп еди. Мүмкин, сол ўақытта бул система өзин ақлаған шығар. Бирақ, бүгингидей елимиз инновациялық жақтан раўажланып баратырған, «Қәўипсиз қала» системасы иске қосылған, жолларымызда видеокамералар ислеп турған ўакытта бундай исеним хатын бериў тәртибине зәрүрлик бар ма?» - деп жазылған петицияда.
Ҳәзирги ўақытта бул петиция көрип шығыў процесине өткерилген. Қағыйда бойынша, мүрәжат Олий Мажлис палаталарында көрип шығылыўы ушын кеминде 10 мың даўыс топлаўы керек. Парламент мүрәжатты 60 күнниң ишинде көрип шығып, қарар қабыллаўы керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған