Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «Арал теңизи түбиндеги суўы қурыған аймақларда «Жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайлықларын пайда етиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары
жәрияланды.
Атап өтилиўинше. Арал теңизиниң суўы қурыўы ақыбетинде соңғы жылларда экологиялық орталық ҳәм тәбийғый теңсалмақлық бузылып, климат унамсыз тәрепке өзгерип бармақта. Бул аймақлардан зәҳәрли қум, дуз ҳәм шаңлардың ҳаўаға көтерилиўи ҳәм қоршаған орталыққа жайылыўы ақыбетинде Арал бойы регионындағы халыққа, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына үлкен зыян жетпекте. Аўыл хожалық егинлери, бағлар егилген жерлерде екилемши шорланыўлар күшейип, өнимдарлыққа унамсыз тәсир етпекте.
Жеделлик пенен бул экологиялық апатшылықтың алдын алыў илажлары көрилмесе, ақыбети унамсыз ҳәм есаплап болмайтуғын дәрежеде экологиялық, социаллық ҳәм экономикалық зыянларға себепши болады.
Арал теңизиниң суўы қурыған түбинен көтерилип атырған зәҳәрли қум, дуз ҳәм шаң бөлекшелериниң унамсыз тәсирин кемейтиў, бул аймақларда шөл өсимликлеринен «Жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайлықлар пайда етиўди нәтийжели шөлкемлестириў, қум көшиўи ҳәм ҳаўаға шаңлы дузлардың көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайлықларын пайда етиў ҳаққындағы усынысына келисим берилиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети менен биргеликте «Жасыл қапламалар» пайда етилетуғын жер майданларын хатлаўдан өткерип, тоғай хожалықларына турақлы ийелик етиў ҳуқықы тийкарында ажыратып бериў илажын көреди.
«Жасыл капламалар» пайда етиў ушын Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети системасындағы:
«Тоғайқурылыс» мәмлекетлик унитар кәрханасы – буйыртпашы;
«Тоғайжойбар» мәмлекетлик унитар кәрханасы республикалық тоғай дүзиў ҳәм тоғай пайда етиў бойынша бирден-бир жойбарлаў шөлкеми екенлигин есапқа алып – бас жойбарлаўшы;
Тоғай хожалықлары – бөлип алып ислеўши шөлкем етип белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети:
А) «Тоғайқурылыс» МУК тәрепинен «Жасыл қапламалар» пайда етилетуғын аймақларды тоғай хожалықларының имканиятынан келип шығып бириктириў, «Жасыл қапламалар» әмелге асырылатуғын аймақларда қорғаў тоғайлықларын өз мүддетинде ҳәм сапалы пайда етилиўин қадағалаўды;
Б) «Тоғайжойбар» МУК тәрепинен:
Тоғай хожалықларына турақлы ийелик етиў ҳуқықы тийкарында ажыратып берилген майданларда жойбарлық излеў жумысларының өткерилиўи, тоғай пайда етиўге жарамлы жер майданларын анықлаў ҳәм қорғаў тоғайлықларын пайда етиў бойынша схемасы ислеп шығылыўы;
Схемаға тийкарланып тоғай пайда етиў усылларын, ҳәр бир тоғай хожалығы бойынша тоғай пайда етиўге зәрүрли техника, шийки зат ҳәм жумысты орынлаў сметалық қәрежетлериниң анық есабы ислеп шығылыўы;
Схемаға тийкарланып ҳәр бир тоғай хожалығы бойынша заманагөй технологияларды қоллана отырып тоғай пайда етиў бойынша Жумысшы жойбарлардың ислеп шығылыўы, соның ишинде, 2019-жыл ушын 10-февральға шекем, кейинги жылларда сол жылдың 1-сентябрине шекем ислеп шығылыўы;
Тоғай пайда етиў жумысларына жойбардың орынланыўы бойынша авторлық қадағалаўын өткериўди тәмийинлейди.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров, С.Р.Холмуродов:
А) Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында 2019-2021-жылларда жәми 1,5 млн гектарлық майданда «Жасыл қапламалар» пайда етилиўин шөлкемлестиреди;
Б) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте:
2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлерин қәлиплестириўде Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында тоғай егиў жумысларын әмелге асырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы тоғай хожалықларына қосымша 460 хызметкер тартыў, «Жасыл қапламалар» пайда етиў, 2019-жылдың 1-апрелине шекем (кейинги жылларда зәрүрликтен келип шығып) талап етилетуғын техника ҳәм арнаўлы үскенелер сатып алыў, Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында тоғай егиў жумысларын әмелге асыратуғын тоғай хожалықларының хызметкер ҳәм жумысшылары мийнетине ҳақы төлеў тәртибине тийкарланып мийнет ҳақы қәрежетлери нәзерде тутылыўын тәмийинлейди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте 2019-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетиниң прогнозға салыстырғанда арттырып орынланған бөлими есабынан «Жасыл қапламалар» пайда етиўди қаржыландырыў;
В) Экономика министрлиги ҳәм «Өзбекнефтгаз» акционерлик жәмийети менен биргеликте Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң есаплаўларына тийкарланып талап етилетуғын жанар май өнимлерин аўыл хожалығы кәрханалары ушын белгиленген жеңилликли баҳаларда шәртнама тийкарында жеткерип берилиўи;
Г) Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2019-2021-жылларда халықаралық қаржы институтлары ҳәм донорлық шөлкемлериниң грант қаржыларын тартыў илажларын көреди.
«Өзбекнефтгаз» акционерлик жәмийети 2019-жылы «Жасыл қапламалар» пайда етиў ушын жыл даўамында басқышпа-басқыш 100 млрд сумм қаржы ажыратылыўын тәмийинлейди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz